Спорт жарысларының республикалық  басқышында сыйлы орынларды қолға киргизгенлерге жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақларысыз ҳәм кәсиплик имтиханларсыз оқыўға кириў ҳуқықы бериледи. Бул ҳаққында Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына жайластырылған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қәбилетли спортшыларды сыйлықлаў ҳәм хошаметлеў ҳаққында»ғы қарар жойбарында келтирип өтилген.

Ҳүжжетке муўапық, ендигиден былай халықаралық ҳәм республикалық спорт жарысларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери төмендегише сыйлықланады:

Республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларының индивидуал түрлеринде жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды қолға киргизген жеңиликке ийе спортшылар жоқары билимлендириў мәкемесине қосымша мәмлекетлик грант тийкарында тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етиледи.

Республикалық ҳәм халықаралық жарыслардың командалық түрлеринде жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды қол киргизген командалардың (өз командаларының қурамынан – академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилеринен үш талабанды белгилейди) жеңилликке ийе спортшылары жоқары билимлендириў мәкемесине қосымша мәмлекетлик грант тийкарында тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етиледи.

Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң усынысына тийкарланып, республикалық ҳәм халықаралық жарыслардың командалық түрлеринде жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды қолға киргизген командалардың қалған ўәкиллери, олардың спорттағы нәтийжелерин есапқа алған ҳалда, жоқары билимлендириў мәкемесине қосымша мәмлекетлик грант тийкарында тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етилиўи мүмкин.

 

ӨзА