Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Сенатында 23-декабрь күни халықаралық бақлаўшы, Малайзия парламенти төменги палатасының вице-спикери Мох Рашид бин Ҳаснон басшылығында делегация менен ушырасыў болып өтти.
Онда 22-декабрь күни болып өткен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар бойынша пикир алысылды.
Малайзия парламенти ағзалары сайлаў жоқары шөлкемлескенлик пенен өткенлигин айрықша атап өтти. Сайлаўдың ашық-айдын ҳәм тең хуқықлық принципи бойынша шөлкемлестирилгенлиги атап өтилди. Даўыс бериўшилердиң бирден-бир электрон есабы енгизилгенлиги сиясий илаждың унамлы тәреплериниң бири. Кейинги сайлаўларда заманагөй мәлимлеме технологияларынан және де кең ҳәм нәтийжели пайдаланыў имканиятларын көрип шығыў усыныс етилди.
* * *
Олий Мажлис Сенатында гезектеги ушырасыў Азия Парламент Ассамблеясының бас хаткери Муҳаммад Ризо Мажидий менен шөлкемлестирилди.
Сенаттың Халықаралық байланыслар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Курманов бенен сәўбетте Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырылған реформаларға жоқары баха берилди. Өзбекстандағы бул ретки сайлаўлар пүткиллей жаңа форма ҳәм мазмунда болып өткени, бул Азияниң көплеген мәмлекетлери ушын үлкен тәжирийбе екенлигин айрықша атап өтти.
-Ташкент қаласындағы бес сайлаў участкасында болдым, – дейди Муҳаммад Ризо Мажидий. – Бәрше сайлаўшылардың даўыс бериўи ушын зәрүр шараятлар жаратылған. Жаңа сайланған депутатлар халықтың абаданлығын арттырыўға, парламент дипломатиясын раўажландырыўға мүнәсип үлесин қосатуғынына исенемен.
* * *
Олий Мажлис Сенаты ағзалары сайлаўда халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасқан Грузия парламентиниң депутатлары менен де ушырасты.
Тәреплер Өзбекстанда болып өткен сайлаў ҳәм еки мәмлекеттиң парламентлер аралық қатнасықларын раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты.
Өткерилген сайлаў хаққында сөз болар екен, Грузия парламенти ағзалары даўыс бериўдиң бәрше басқышында пуқаралардың жоқары дәрежедеги белсендилиги көзге тасланғанын атап өтти.
* * *
Египет Араб Республикасы Ўәкиллер Мажлиси Социаллық тилеклеслик, шаңарақ ҳәм майыплар комитетиниң баслығы Абдулҳодий Ал-Касабий менен сойлесиўде пуқаралардың сайлаўға қызығыўшылығы жоқары екенлиги атап өтилди.
Өзбекстанда нызамшылық уйымлары тәрепинен сайлаў хуқықы ҳәм процесине киргизилген өзгерислер менен жаңалықлар халықаралық хуқық нормаларына сай екенлиги билдирилди.
Египетли мийман жаңа Сайлаў кодекси усы бағдарда алып барылып атырған реформаларды және де раўажландырыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
* * *
Күнниң екинши ярымында Сенат ағзалары халықаралық бақлаўшы– Малайзия сыртқы ислер министрлиги Қубла ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиў департаментиниң баслығы Муҳаммад Азҳар Маслан менен ушырасты.
Ушырасыўда мәмлекетимизде жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген сайлаў ҳәм оған көрилген таярлық мәселелери додаланды. Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларын көрип шықты.
Муҳаммад Азҳар Масланның атап өткениндей, сайлаўлар депутатлыққа талабанлар арасында ҳадал бәсекини көрсетти. Буны сиясий партиялар ўәкиллери қатнасыўында өткен дебатлар да тастыйқлайды.
-Бухара қаласындағы сайлаў участкаларында болып, адамлардың даўыс бериў процесине шаңарақлары менен келгенине гүўа болдым. Буның барлығы жас әўлад ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.
Илажда тәреплер бул сиясий илаж шын мәнисиндеги демократиялық стандартларға муўапық өткени, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын және беккемлеўге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.
Абдулазиз МУСАЕВ, ӨзАның хабаршыси