Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.
Еки тәреплеме ўшырасыўлар ҳәм қоспа илажларға бай бағдарлама жуўмағында салмақлы келисимлерге ерисилди.
Мәмлекетимиз басшысы Токиода Япония Императоры Нарухито, Бас министр Синдзо Абэ, парламент басшылары ҳәм ҳүкимет ағзалары, Япония бизнесиниң жетекшилери менен ушырасыўлар өткерди.
Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў хаққындағы Биргеликтеги билдириўге, ҳүкиметлер аралық ҳәм кәрханалар аралық ҳүжжетлерге, инвестиция келисимлерине ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылди
Өзбекстан Республикасы Президент Шавкат Мирзиёев ҒМДАның рәсмий емес саммитине қатнасыў ушын Санкт – Петербургқа жөнеп кетти.
ӨзА