Мүнәсибет

Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапарынан кейинги ойлар.

 

Президентимиздиң Қарақалпақстанға ҳәр сапарғы келиўи халқымыздың үлкен қуўанышына, кеўиллеринде шексиз арзыў-нийетлер ҳәм мақсетлердиң пайда болыўына себеп болады.

Әсиресе, халқымыз мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға 20-21-август күнлериндеги сапары ҳаққында Интернет сайтлары арқалы хабар таўып, оның келиўин интизарлық пенен күтти.

-Президентимиз келсе елимизге мол ырысқы-несийбе, абаданлық келеди,-деп қуўанды ақсақалларымыз.

Мәмлекетимиз басшысының елимизге бул ретки келиўи жаз мәўсиминде болғаны оғада жақсы болды. Президент өзиниң басламасы менен Мойнақта алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслардың нәтийжеси, Арал апатшылығы себепли неше жыллар итибардан шетте қалған бул қаланың гүллеп-жайнап турғанлығын, пайтахтымыз Нөкис қаласының жасыл шыршаларын, рәңбәрең гүллерин, сулыў фонтанларын, көркем ҳәм заманагөй имаратларын, кең ҳәм тегис жолларын өз көзи менен көрди, деп куўанды аналар. Ҳәмме Қарақалпақстанда жаңалық, өзгерислер болып атырғанын шын кеўилден сезе баслады…Мен мәмлекетимиз басшысының Мойнақ районының Мәденият орайындағы белсендилер менен ушырасыўында қаитнастым. Президентимиздиң басламасы менен жаңаланып, жасарып атырған Мойнақты барып көрмеген нураныйлар, халық депутатлары, түрли тараў ўәкиллери Мойнаққа барып, сол жердеги дөретиўшилик жумысларының гүўасы болды.

-Мен Мойнақты киши бир посёлка деп ойлайтуғын едим,-дейди әмиўдәрьялы Санабар Хожамуратова.- Көз алдымызда заманагөй қала пайда болды. Бул жерде барлық нәрсе бар екен. Бул мен ушын бир әжайыбат еди. 8 бақша, 7 мектеп, 4 орында спорт, 6 медициналық ҳәм 8 мәденият объектлери… Таң қаларлық, заманымыздың ҳәзирги жағдайына, мәмлекетимиз басшысының халқымызға болған меҳирине рахмет.

Әлбетте, өзин усы елдиң перзентимен, деген ҳәр бир инсан әмелге асырылып атырған жумыслардан мақтанады, қуўанады, тән алады. Бирақ, реформалардың мазмун-мәнисин түсинбейтуғын ямаса табысларымызды көре алмайтуғын айырым кимселердиң «мақтаўларға жүдә шебер болып кеттик, сәл нәрсеге мақтанатуғынлар көбейип баратыр» – деген сөзлерине Интернет сайтларында көзимиз түседи.

Адам бундай кимселерге ашынады. Олар елдиң жаңаланып атырғанын, кең көлемли ҳәм шексиз дөретиўшилик жумыслары турмысымыздың мазмунын гөззалландырып жибергенин түсине алмай атыр. Бирақ ҳақыйқат алдында халқымыздың жүзи жарқын. Адамларымыз дөретиўшилик процесслеринде белсендилик пенен қатнаспақта, жаңаланып атырған елдиң бахтынан қуўанып атыр, ҳақыйқатты айтып мақтансақ болады, деп ҳақыйқатқа тик қарамақта. Оны пүткиллей өзгерген, жаңаланған Мойнақтың жәннет сыяқлы жамалының мысалында қайта-қайта айтыўға ҳақымыз бар.

Бул ҳақыйқатты Президентимиздиң Мойнақтағы белсендилер менен өткерген мәжилисинде «Мойнақта жүз берип атырған өзгерислер, көзлериңиздеги өмирден қанаатланыўшылық адамды қуўантады. Бул алыс аймақларға барып әмелге асырып атырған жумысларымыздың нәтийжеси есапланады. Егер кимде-ким бизлердиң реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин» деп айтқанында да анық көрдик.

Усы жерде  Мойнақтағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлардан тек ғана Қарақалпақстан халқы емес, ал пүткил Өзбекстан халқы қанаатланып, кеўли толып-тасып атыр, десек қәте болмайды. Биз буны «Қарақалпақ әдебияты» гәзетасына Мойнақ, Арал темасында басқа ўәлаятлардың пуқараларынан, ҳәўескер шайырлардан келип атырған шығармалар, мүнәсибетлер арқалы билемиз. Олар Арал бойында болып атырған ислер тап өзиниң мәҳәллесинде, өзиниң аўылында болып атырғандай қуўанып жазатуғынын айтып өтиў керек. Бул неден дәрек береди? Мойнақта болып атырған өзгерислерден пүткил Өзбекстан халқы руўхланбақта, илҳам алмақта.

Қарақалпақстан үлкен имканиятлардың ели. Бул имканиятлардан реже менен, мақсетли пайдалансақ, Қарақалпақстанның экономикасы және де раўажланады. Садықлық, пидайылық, ўатансүйиўшилик пенен ислеў үлкен көлемдеги жумыслардың нәтийжели болыўын, әлбетте, тәмийинлейди.

Нөкисте белсендилер менен болып өткен мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бир қатар мәселелерди оғада кеңпейиллик, даналық пенен узақты гөзлеп үйренгенлигин сездик. Ортаға тасланып атырған үлкен машқалалар, олардың шешимине байланыслы анық усыныслар ҳәм ўазыйпалар барлығы Қарақалпақстан ҳәм оның ертеңги күниниң және де абат, жақсы, халық дастурханының және де толы болыўына хызмет етеди.

Президентимиз ҳәр бир бағдарда нәзерде тутылған мәселелерге айрықша тоқтап, олар бойынша белсендилик пенен ислеў керек екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешеликлери ҳәм имканиятларынан келип шығып, оларды түрли тараўларға қәнигелестириў бойынша усыныслар берилди.

Соның ишинде Қараөзек районы қурылыс материаллары, Беруний, Хожели, Нөкис районлары мийўе-овощ жетистириў, Тахтакөпир шарўашылық, Шоманай қусшылық, Елликқала жүзимшилик ҳәм туризм, Мойнақ балықшылық ҳәм шарўашылық, Кегейли шарўашылық, боян тамырды қайта ислеў ҳәм қағаз санааты, Қанлыкөл районы дәнли егинлер ҳәм салы жетистириўге қәнигелестирилетуғынлығы атап өтилди.

#оңырат районын нефть-химия санааты ҳәм шарўашылыққа, Шымбайды боян тамырды жетистириў ҳәм қайта ислеўге, Төрткүлди шийше, айна ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўға, Әмиўдәрья районын бағшылыққа ҳәм пиллешиликке, Нөкис қаласын болса фармацевтика ҳәм электротехникаға қәнигелестирип, Тақыятас районын санаат ислеп шығарыў аймағына айландырыў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Қарақалпақстанда илим, мектеп билимлендириўи, мәденият, көркем өнер, туризмди раўажландырыўдыың да жаңа перспективалары белгилеп берилди. «Үлкен имаратлар, заманагөй техника менен мақтаныў керек емес. Ақыллы, билимли, пидайы перзентлерди тәрбияласақ, олар Ўатанға садықлық пенен хызмет етсе, ең үлкен байлық, бахыт мине усы»-деди мәмлекетимиз басшысы.

Әсиресе, Президентимиздиң «Қарақалпақстанда барлық тараўда өзгерис болып атыр. Оның төркининде усы елатта жасап атырған уллы халықтың мийнети, умтылыслары бар. Сизлер менен бирге үлкен ҳәрекет басладық. Ҳәр бир аймақтың дәртин үйренейик, ҳәр бир инсанның қәлбине кирип барайық, ертеңги күнге исенимин беккемлейик. деп терең реформаларды әмелге асырып атырмыз. Адамлар ертең емес, узақ келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек» деген сөзлери бәршениң кеўлин көтерди.

Шынында да, мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир сөзинде Қарақалпақстан елине болған мехриниң дәрьядай тасып турғанын халқымыз шын жүректен сезип турыпты.

Усы  сапар етиў шеңберинде белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар барлық тараўларда жаңа мақсетлердиң әмелге асыўы ушын қолланба болып хызмет ететуғынына исенимимиз кәмил.

Бир сөз бенен айтқанда Президентимиздиң Қарақалпақстанды, Мойнақты раўажландырыў бағдарындағы алға қойған идеясы ҳәм басламасы, олардың тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар сөзсиз қарақалпақстанлылардың ертеңги күнге болған исенимин беккемлемекте.

Гүлистан Аннақиличева,

Қарақалпақстан халық шайыры,

Олий Мажлис Сенатының ағзасы.