Мүнәсибет

Өзбекстан бай таў-кән санаатына, қолайлы инфраструктураға ийе. Көплеген кәнлер ашық ҳалда өзлестирилиўи мүмкин. Пайдалы компонентлерди жоқары сапада шығарып алыў имканиятын беретуғын минерал шийки затларды қайта ислеў технологиялары бар.

Соның ишинде, Қарақалпақстан көплеген түрдеги пайдалы қазылмаларға бай екенлиги себепли аймақта санааттың пүткиллей жаңа тармақлары пайда болмақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң күни кеше Қарақалпақстанға сапары ўақтында мәлим етилгениндей, Тебинбулақ кәни негизинде кән-металлургия комплексиниң қурылысы ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық жақтан үлкен әҳмийетке ийе.

Усы руда кәнлериниң прогноз көрсеткишлери 4,3  миллиард тоннаға шекем болған руданы қурайды.

Тебинбулақ кәниниң иске қосылыўы руда бойынша ишки тутыныўды толық қаплап ғана қалмастан, усы металлды экспорт етиў де мүмкин болады. Тебинбулақ кәнинде металлдың қурамы 16-18 процентти қурайды. Бирақ оның Р1+Р2 категориясы бойынша резервлери 3500,0 миллион тоннадан 4300,0 миллион тоннаға шекем деп баҳаланбақта. Бул металлды көп көлемде ислеп шығарыў имканиятын береди.

Қәнигелердиң пикиринше Тебинбулақ кәни негизинде кең түрдеги қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын кәрхананы шөлкемлестириў бойынша келешектеги исленбелердиң перспективалы екенин аңлатады.

Өзбекстан аймағындағы ири темир рудасы объекти болған Тебинбулақ кәниниң қолайлы экономикалық шараяты (кәнниң ашық өзлестирилиўи, темир жол, магистраль газ, суў қубырлары, электр узатыў линияларының жақынлығы, инсан ресурсларының бар екенлиги) есапқа алынғанда, оған Қарақалпақстанда темир ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў шийки зат базасы, деп қараў мүмкин.

Бул жерде руданы байытыў ҳәм металл концентратын ислеп шығарыў бойынша кәрхана шөлкемлестириўден тысқары «Өзметкомбинат» сыяқлы қуўатлы металлургия комбинатын қурыў да мүмкин. Неге десеңиз, есап-санақлар бундай кәрханалар дәраматлы болатуғынын көрсетпекте.

Демек, Тебинбулақ кәниндеги бай резервти есапқа алған ҳалда бул жерде және қосымша фабрикаларды қурыў мақсетке муўапық.

Исеним менен айтыў мүмкин, Тебинбулақ кәнин өзлестириў ҳәм усы аймақты, ҳәм мәмлекетимизди дүньядағы ири металл ислеп шығарыўшылардан бирине айландырады.

 

Нағмет Аимбетов,

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының

Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик

ӨзА