Төрткүл районы ҳәкимлиги, прокуратурасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлимлериниң басламасы менен бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.

Илаж Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы мүнәсибети менен кем тәмийинленген шаӊарақлардыӊ мийнетке жарамлы ағзалары, алимент төлеўши жумыссызлар ҳәм жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.       Онда 19 кәрхана ҳәм мәкеме өзлериндеги 89 бос жумыс орны менен қатнасты. Ярмарка даўамында 24 пуқараға жумысқа орналасыў, 2 пуқараға жәмийетлик жумысларға, 3 пуқараға кәсипке оқыўға жоллама берилди.

Буннан тысқары 12 жумыссыз пуқараға қәнигелер тәрепинен тийисли мәсләҳәт берилди. Сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларынан ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж жумыссыз 12 пуқара қатнасып, олардан 7 пуқараға жоллама берилип, 5 пуқара жумысқа орналастырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги