Жақында Нөкис қаласындағы Жаслар орайында жаслардың халықаралық сертификат алыў имканиятын және де жеңиллетиў ҳәм узағын жақын етиў мақсетинде “STARS International University” оқыў орнының бирден-бир тест алыў орайы ашылды.

Енди қоңсы республикалардан да сертификатқа ийе болыўды қәлеўшилер имтиханда қатнасыў ушын усы орайға келип тест тапсырыўы мүмкин болады.

Қарақалпақстанлы пуқаралар, әсиресе, жаслар Toefl ITP, Toefl IBT, SAT, GRE сертификатларына тест тапсырыў ушын Нөкис қаласының өзинде бул сертификатлардың бирине ерисиў имканияты жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги