Ҳәзирги ўақытта халықты инсан саламатлығына зыян етпейтуғын сапалы өнимлер менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Тилекке қарсы, мәмлекетимиздиӊ шегарасын ҳеш қандай ҳүжжетлерге ийе болмаған, сырт еллердиӊ гүман туўдыратуғын өнимлерин алып кириў жағдайлары ушырасып турады. Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими ис жүргизиўинде болған, жынаят ислери бойынша судларыныӊ қараралары тийкарында Бажыхана уйымлары ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен алып қойылған 118 миллион сумлық жәми 5 түрдеги 547 алкоголь, темеки ҳәм басқа да өнимлерди жоқ етиў белгиленген еди.

Бюроныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қалалық хызметкерлери тәрепинен алып барылған орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде жоқ етилиўи белгиленген товар-материаллық байлықлар  тийисли шөлкемлердиӊ қатнасында жоқ етилип, суд қарарыныӊ орынланыўы әмелде тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги