Президентимиздиң басламасы менен алға қойылған “Сайхунабад тәжирийбеси” Беруний районында да кеңнен енгизилмекте.
Атап айтқанда, бир қатар бағдарларда дәрамат алыў, үй қапталы қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, пал ҳәррешилиги менен шуғылланыў, биогумус жетистириў шаңараққа қосымша пайда келтиретуғынлығы тәжирийбеде дәлилленди.
Район ҳәкимлиги ўәкиллери райондағы Әмир Темур ҳәм Гүлистан мәкан пуқаралар жыйынларында болып, усы тәжирийбени үйрениў барысында айырым шаңарақларға жеңилликли кредит бериў бойынша тийисли тараў басшыларына көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, Әмир Темур мәкан пуқаралар жыйынында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм аймақтың инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша жумыслар да үйренилип, балалар майданшасы қурылысы бойынша келип шыққан машқалалар унамлы шешимин тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги