ӨзЛиДеП тен Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесине райондағы 1-Ў.Жуманиязов сайлаў округинен сайлаған депутат Л.Хожаниязова Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң 2024-жыл 4-апрельдеги “Мәҳәллелердеги машқалаларды шешиўде халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары ҳәм сенаторларының “Мәҳәлле жетилиги” менен өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыў илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша өзи сайланған “Саркоп” АПЖда болып, “Мәҳәлле жетилиги” менен бирге мәҳәлле турғынларын қабыллады.

– Усы қарар менен мәҳәллелердеги машқалаларды шешиўде халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары ҳәм “Мәҳәлле жетилиги”ниң өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыў схемасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары ҳәм “Мәҳәлле жетилиги”нинг өз-ара бирге ислесиў бағдарлары тастыйықланған еди,-дейди депутат Л.Хожаниязова.

Анығырақ етип айтқанда, бирге ислесиў бағдарлары, тийкарынан, халықтың социаллық хызметлерден хабардарлығын арттырыў, машқалаларын шешиў,  саламат социаллық-руўхый орталықты сақлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бәнтликти тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, халыққа мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў, жергиликли бюджет дәраматларының турақлылығын тәмийинлеў ўазыйпалары белгиленди.

Қарарға муўапық, районлық ҳәм қалалық Кеңес депутатлары бир ай даўамында өзи бириктирилген мәҳәллелердеги “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың жағдайын, соның менен бирге, бирге ислесиў бағдарларын үйрениўи, онда, “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен көрсетилетуғын социаллық жәрдем ҳәм ажыратылатуғын субсидиялардың мәнзиллилиги ҳәм тыянақлылығына айрықша итибар қаратыўы, “Мәҳәлле жетилиги” менен бирге мәҳәлле турғынларын қабыллаўды шөлкемлестириўи, мәҳәллелердеги машқалалы мәселелерди үйрениўи, анықланған машқалаларды мүмкиншилиги болғанынша өз орнында сапластырыў илажларын көриўи керек.

Депутат бир ай даўамындағы үйрениў жумыслары ҳәм халық пенен сәўбетлесиўлеринде анықланған кемшиликлерди ҳәм қәлиплестирилген усынысларды улыўмаластырады ҳәм жергиликли Кеңеслерге усыныс етеди.

Қабыллаў даўамында пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, айырым шешимин күтетуғын мәселелер бойынша депутатлық сораўлар жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги