Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Исбилерменлер ҳәрекети –Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы  фракциясының гезектеги мәжилисинде “Товар белгилери бойынша нызамлар хаққындағы Сингапур шәртнамасын (Сингапур, 2006-жыл 27-март) ратификациялаў хаққында”ғы нызам жойбары көрип шығылды.

Сингапур шәртнамасының мақсети товар белгилери тараўында ислеўши ҳәм сол тараў қатнасыўшысы болған барлық мәмлекетлер ҳәм регионаллық шөлкемлерде товар белгилерине ҳуқықый қорғаўды алыў системасы пайдаланыўшылары ушын және де мақул түсетуғын шараятларды жаратыў есапланады.

Бул шәртнама товар белгилери ушын лицензияларды дизимнен өткериў бойынша қағыйдаларын өз ишине алады ҳәм дизимнен өткериў, лицензияның дизимнен өткерилгени хаққындағы көрсетпе дүзетиў яки бийкарлаў ушын сораўнамаларға  максимал талапларды белгилеп береди.


Усы халық аралық шәртнамаға қосылыў Өзбекстанның Дүнья саўда шөлкемине кириў процесслерине унамлы тәсир көрсетип, мәмлекетимиздиң дүньядағы имиджи ҳәм инвестициялық өзине тартымлығын арттырыў  мүмкиншилигин жаратады.

Тартыслар даўамында фракция ағзалары нызам жойбарының қабыл етилиўи мәмлекетимизде инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын және де жақсылаў, артықша әўерегершиликлердиң алдын алыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Соның менен бирге, мәжилисте бир қатар нызам жойбарлары додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

ӨзА