Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис гарнизонында Өзбекстан Республиксы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Қорғаныў министрлиги ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимят уйымларының жумысы нәтийжелилигин арттырыў, олардың жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және мәмлекеттиң қорғаныў потенциалын беккемлеўдеги жуўапкершилигин күшейтиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде «Армия ҳәм жаслар» сүрени астында ашық есиклер күни илажы болып өтти.
Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен өткерилген илаждың тийкарғы мақсети, профилактикалық есапта турған тәрбиясы аўыр болған жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және олар тәрепинен жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ислениўиниң алдын алыўдан ибарат.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен системада ҳәр ҳәптениң пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» етип белгиленди. Тек ғана әскерий хызметкерлер емес, ал жәмийетимиз ушын да айрықша әҳмийетли есапланған усы қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде «Ўатан –муқаддес, оны қорғаў абырайлы ўазыйпа!» концептуаллық идея тийкарында шөлкемлестирилип атырған руўхый ағартыўшылық жумыслар жас әўладта ана Ўатанды көздиң қарашығындай сақлаў сыяқлы сезимлерди және де қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Илажда Нөкис әскерий прокуратурасы, Арқа-Батыс әскерий округи, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси ўәкиллери профилактикалық есапта турған тәрбиясы аўыр болған жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және олар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң алдын алыў, жасларды Ўатанға садықлық пенен хызмет етиў ушын тәрбиялаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Оларды әскерий ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлеримиз ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, руўхый жақтан жетик ҳәм физикалық саламат, кәмил әўладты жетистириў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў, Қураллы Күшлерде алып барылып атырған кең көлемли реформаларда жасларды әскерий хызметке қызықтырыў ҳәм белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша пикир алысылды.
Илаж даўамында Президентимиз тәрепинен алға қойылған тийкарғы бес баслама бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, соның ишинде, Нөкис гарнизонында шөлкемлестирилген китапхана менен таныстырыў, әскерий техника ҳәм қурал-жарақлардың көргизбеси болды. Жаслар әскерий техникалар, мүддетли әскерий хызметин өтеп атырған әскерлердиң жатақханасы, олардың асханасында жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Бул илаж мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң келешеги болған жасларды, нәўқыран әўладты әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жасларды ўатанға және ел-журтқа садықлық, пуқаралық позициясын, әҳмийетли конститутциялық миннетлемелерин орынлаўға таярлық сезимин қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе. Ең тийкарғысы, оннан гөзленген мақсет, жаслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң алдын алыў болып есапланады.
Илаж даўамында әскерий хызметкерлердиң көргизбели шығыўлары, сондай-ақ, жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған видеороликлер көрсетилди.
Алишер Қурбанов,
Нөкис әскерий прокуроры жәрдемшиси, әдиллик майоры