«Россия таянышлары» Улыўмароссия киши ҳәм орта исбилерменлиги жәмийетлик шөлкеми қәўендерлик кеңесиниң баслығы Сергей Борисов басшылығындағы делегацияның елимизге сапары шеңберинде 27-май күни Өзбекстан – Росссия исбилерменлер бизнес-форумы болып өтти.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығының биринши орынбасары Ислом Жасимов Россия Өзбекстанның саўда-экономикалық, инвестициялық тараўлар бойынша исенимли шериги екени, еки мәмлекет басшыларының турақлылыққа ийе сөйлесиўлери себепли стратегиялық шериклик қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилегинин атап өтти. Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлер барлық бағдарларда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў имканиятын берип атырғаны атап өтилди.

Илажда Россияның туризм ҳәм мийманхана хожалығы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларға қәнигелескен компаниялар Өзбекстанда өз жумысын шөлкемлестириў және раўажландырыў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

С.Борисов мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасына жоқары баҳа берди. Бул бағдарламаның орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм топланған миллий тәжирийбе менен жақыннан танысыў тилегинде екенин атап өтти.

– Еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын әмелий мазмун менен байытыўға қаратылған бул сапар етиў Өзбекстанның Россиядағы елшиханасының басламасы менен шөлкемлестирилди, – дейди С.Борисов. – Өзбекстан дипломатларының мәмлекет экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша бул умтылыслары россиялы елшилер ушын да үлги екенин атап өтиў керек.

Илажда мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы ҳәм «Россия таянышлары» Улыўмароссия киши ҳәм орта исбилерменлиги жәмийетлик шөлкеминиң жумысына бағышланған презентациялар көрсетилди.

– Шөлкемимиз 2003-жылдан берли жумыс алып бармақта, – дейди «Россия таянышлары» Улыўмароссия киши ҳәм орта исбилерменлиги жәмийетлик шөлкеминиң вице-президенти Николай Дунаев. – Шөлкемимиз мәмлекет бойлап 450 мыңнан аслам исбилерменлик субъектлерин өз әтирапына бирлестиреди, 100 ден зыят тараўлық ассоциациялар ҳәм бирлеспелерге ийемиз. Бүгинги күнде шөлкемимиз Россия исбилерменлерин ҳуқықый, инвестициялық мәселелерде қоллап-қуўатлаў менен бирге, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларын табыслы әмелге асырыўға жәрдем берип келмекте. Бул  сапар етиў еки мәмлекеттиң киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери арасында бирге ислесиўди орнатыў, олардың мәпин қорғаўға қаратылған жумысын шөлкемлестириў мәселелерин додалаў имканиятын бергени менен әҳмийетли болып табылады.

Бизнес-форум шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топары ўәкиллери арасында «BғB» ушырасыўлары шөлкемлестирилди.

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы