Пайтахтымыздағы Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде жаратылған ҳәм енгизилген интерактив хызметлерге бағышлап баспасөз конференциясы өткерилди.
Онда системада енгизилген ҳәм режелестирилген интерактив хызметлер ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, 2011-жылдан берли пайдаланылып атырған ҳәм жетилистирилген хызметлерден бири – «Пенсия» электрон программалық комплекси 3,5 миллионнан аслам пенсия ҳәм напақа алыўшылар ҳаққындағы мағлыўматты өз ишине алатуғын бирден-бир база есапланады. Программада пенсия ҳәм напақаларды тайынлаўдан баслап төлегенге шекемги процесслер электрон түрде алып барылады. Бул барлық түрдеги есабатларды автоматластырылған түрде қәлиплестириў имканиятын береди.
Халық банки менен пенсия ҳәм напақа алыўшылардың төлем протоколларын жибериў, төленген ҳәм төленбеген пенсия ямаса напақалар ҳаққында мағлыўмат алмасыў тек ғана электрон тәризде әмелге асырылмақта. Соның нәтийжесинде, төлем көрсеткишлерин қәлбекилестириўдиң алды алынып, пенсия ҳәм напақа төлемлери үстинен күнлик қадағалаў жүргизиледи.
Барлық коммерциялық банклер менен банк пластикалық карталары арқалы пенсия ҳәм напақа алыўшылардың қаржыларын олардың есап бетине жүклеў бойынша электрон мәлимлеме алмасыўы жолға қойылды. Бул арқалы қағаз түриндеги төлем көрсеткишлеринен толық ўаз кешилип, нақ пулсыз пенсия ҳәм напақа алыўшыларға қаржылар айдың 2-5 сәнеси аралығында төленеди.
Әмелиятқа енгизилген «SMS-pensiya» хызмети арқалы пуқараларға олардың пенсия муғдарлары, Халық банки арқалы төлем әмелге асырылғаны
ямаса банк карталарына пенсиялар жүкленгени ҳаққында СМС хабарларды алыў имканияты жаратылды. Бүгинги күнде жәми пенсия ҳәм напақа алыўшы 54 процент пуқара усы хызметтен пайдаланбақта.
– Бурын пенсия төлемин әмелге асырыўы ушын пуқаралар кәрханаларға ямаса Пенсия қорының бөлимлерине келип, қағаз түринде талапнама ҳәм есабатларды усыныўы керек еди, – дейди Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры атқарыўшы директорының орынбасары Шуҳрат Давронов. – Бүгинги күнде болса есабатлар қысқартылған. Енди тек ғана бир талапнама усыныў жетерли. Электрон тәризде аралықтан турып ҳүжжет усыныў имканияты да бар. Кәрханаларға қолайлық жаратыў мақсетинде болса усы талапнаманы кәрханалардың мәмлекетлик салық комитетиндеги «Жеке кабинети» арқалы жибериў имканияты жолға қойылған.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап алды.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы