Тарийхта биринши мәрте еки ҳаял космонавт Халықаралық космослық станцияның бортынан биргеликте ашық космосқа шықты. Олар америкалы Энн Мак Клейн ҳәм Кристина Кук.
РИА Новостидиң жазыўынша, бул ҳаққында Кристина Кук баспасөз әнжуманында мәлим еткен.
Усы ўақытқа шекем ҳаял космонавтлар ашық космосқа тек ғана биреў болып шыққан. Биринши мәрте ашық космосқа шыққан биринши ҳаял космонавт болса Светлана Савицкая болып табылады.
Бурынырақ, усы жылдың 14-мартында «Союз МС-12» кемеси космосқа көтерилиўи мәлим болған еди. «Союз МС-12» экипажы қурамында россиялы космонавт Алексей Овчинин, америкалы Ник Хейг ҳәм Кристина Кук бар. Пәрўаздың даўамлылығы 203 күннен (3-октябрьге шекем) ибарат. Космослық миссия шеңберинде экипаж ағзалары ашық космосқа шығады ҳәм илимий тәжирийбелер өткереди.
ӨзА