Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайында илимпаз, дөретиўши ҳәм зыялылардан ибарат «Илимпазлар клубы»ның «Жәмийетлик-руўхый орталықтың индикаторларын ислеп шығыў» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

– Президентимиздиң 2017-жыл 28-июльдеги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилип атырған нызамлар, мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин халықтың кең қатламларына жеткериўге қаратылған үгит-нәсиятлаў жумыслары системалы және избе-из әмелге асырылмақта, – дейди Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы басшысының биринши орынбасары Муҳаммаджон Қуронов. – Өткерилип атырған илажлардың нәтийжелилигин баҳалаў, үгит-нәсиятлаў илажларының жаңа заманагөй тәсиршең методларын ислеп шығыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Бул бағдарда тараўда жумыс алып барып атырған жетик қәнигелердиң ҳәм илимпазлардың илимий жуўмақларын ҳәм пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда жумыс алып барыў, илажлар белгилеў мақсетке муўапық. Усы мақсетте Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы жанындағы «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң қурамында «Илимпазлар клубы» шөлкемлестирилген. Мақсетимиз тек ғана илажларды өткериўден ибарат болмаўы керек. Усы мақсеттен келип шыққан ҳалда шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде «Илимпазлар клубы» ағзаларының жаслар арасында ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, оған қарсы гүресиў бағдарында өткерилип киятырған илаж және үгит-нәсият жумысларының нәтийжелилигин анықлаў мақсетинде жәмийетлик-руўхый орталықтың индикаторларын ислеп шығыў бойынша усыныслары тыңланды.

Билдирилген пикир-усыныслар ҳәм додалаўлардың жуўмағында «Илимпазлар клубы»ның елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жәмийетлик-руўхый орталықтың индикаторларын әмелиятқа енгизиў бойынша усыныслардан ибарат қарары қабыл етилди.

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзА