Япониядағы ўатанласларымыз Өзбекстан туризмин үгит-нәсиятлаў жумысларына  жәрдемлесиў басламасы менен шықты. Японияның көплеген қалаларында алып барылған бул жумыслардың нәтийжесинде биринши туристлер топары елимизге келди.

Оларды Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы С.Акбаров ҳәм ҒХҚ ўәкиллери күтип алды.

photo5411475647420803684.jpg

– Өзбекстанға халқыңыздың мәденияты менен жақыннан танысыў ушын келдим, – дейди топар басшысы Яс Ука. – Саяхатымыз 10 күннен ибарат болып, Наманган, Әндижан, Ферғана, Самарқанд ўәлаятларын ҳәм Ташкент қалаларын тамаша етпекшимиз. Японияның Хиросима қаласында жасап атырған өзбекстанлы Бобуржон Өзбекстанда жаратылып атырған шараятлар, бар мәдений мийрас объектлери ҳаққында тарқатпа материаллар берди. Оның таныстырыўлары себепли мәмлекетиңизге қызығып қалдық.

– Өзбекстан миймандос халық екени ҳаққында билетуғын едик, бирақ  бизди бундай салтанатлы күтип алатуғыны түсимизге де кирген жоқ еди, – дейди топар ағзасы Ҳаши Мото. – Туризмди раўажландырыў комитетиниң орынбасары бизди саўғалар менен күтип алғанына ҳайран қалдым. Соның менен бирге елиңизде туризмге қаратылып атырған итибардың қаншелли жоқары екенин түсиндим.

photo5408861056014592690.jpg

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети АҚШ, Германия, Чехия, Уллы Британия, Голландия, Швейцария, Австрия, Польша, Латвия, Япония ҳәм Германия сыяқлы мәмлекетлерде жасайтуғын ўатанласлар менен байланыс орнатып, сөйлесиўди жолға қоймақта. Соның ишинде, Чехия, Польша, Япония ҳәм Германия сыяқлы мәмлекетлерге үгит-нәсият материаллары жеткерилип, бүгинги күнде ўатанласлар кең көлемде үгит-нәсиятлаў жумысларын алып бармақта.

Оларға Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлайтуғын материаллар жеткерип бериўде Президентимиздиң 2018-жыл 25-октябрьдеги «Сырт елде жасап атырған ўатаналаслар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясатын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарары айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

ӨзА