2017-жыл 4-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси болып өтти. Мәжилис жумысында Министрлер Кабинетиниң мирәт етилген ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, басқа да шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев басқарды.

Сенаторлар жумысты «Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасы ҳаққындағы Шәртнаманы (Бишкек, 2017-жыл 5-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Респбуликасының нызамын көрип шығыўдан баслады. Бул нызам Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-6-сентябрь күнлери Қырғызстан Республикасына әмелге асырған мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлердиң өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша қабыл етилген әмелий ҳәрекетлер Режесиниң («Жол картасы») орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Шәртнама менен 1170,53 километр узынлықтағы өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегара сызығының Сыпатламасын ҳәм өзбек-қырғыз мәмлекетлик шегарасы делимитациясына байланыслы картографиялық ҳүжжетлерди, сондай-ақ, электрон (растрли) картографиялық ҳүжжетлерди тастыйықлаў нәзерде тутылмақта.

Ҳүжжетке муўапық тәреплер қалған участкалардағы Мәмлекетлик шегара сызығы өтиўи мәселелерин шешиў ушын сөлесиўлерди даўам еттиреди және тийисли шәртнаманы таярлайды. Сондай-ақ, Шәртнамада өзбек-қырғыз демаркация Қоспа комиссиясын дүзиў де нәзерде тутылған болып, комиссия Шәртнамаға муўапық Мәмлекетлик шегараның келисилген айырым участкаларында демаркация жумысларын әмелге асырады.

Сенаторлардың атап өткениндей, шегара темасы еки елдиң қатнасықларындағы тийкарғы мәселелерден бири болып, усы шәртнаманың ратификаия етилиўи мәмлекетлердиң еки тәреплеме қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, туўысқан халықларымыздың дослығы менен татыўлығын беккемлеў ушын ҳуқықый тийкар ҳәм жаңа фактор болып хызмет етеди. Нызам Сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы Пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылған «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамын көрип шықты. Атап айтқанда, нызам менен Өзбекистан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине өзгерислер киргизилмекте. Оған бола, гүман етилиўшиге, айыпланыўшыға, судланыўшыға, жазаланыўшыға тийисли болмаған ҳәм жынаят қуралы есапланған зат конфискация етиўге жол қойылмайды ҳәм бундай затлар нызамлы ийелерине қайтарып берилиўи лазым. Бул жаңа норма жоқарыда көрсетилген шахслардың меншик ҳуқықын қорғаўға қаратылған.

Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине де тап усындай өзгерислер киргизилди. Өзгерислерге муўапық ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислеў қуралы болған затты ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықтың тиккелей затларын, егер олар ҳуқықбузарлықтың жеке мүлки болмаса, конфискация етиў мүмкин емес, айланыслардан шығарылған затлар буған кирмейди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў және тутыныў саласында төлеў тәртиплерин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына және Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-майдағы «Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Прокуратура ҳаққында»ғы, «Банкротлық ҳаққында»ғы, «Ипотека ҳаққында»ғы, «Қамсызландырыў жумысы ҳаққында»ғы, «Оператив-қыдырыў жумысы ҳаққында»ғы, нызамларға, Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Жынаят-процессуал, Мийнет, Жынаят-атқарыў, Пуқаралық процессуал, Хожалық процессуал, Шаңарақ, Салық ҳәм бюджет кодекслерине өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, «Прокуратура ҳаққында»ғы нызам Бас прокуратура жанында дүзилген Мәжбүрий орынлаў бросы ҳәм оның аймақлық бөлимлери статусын белгилеп беретуғын жаңа норма менен толықтырылмақта. Буннан тысқары, бир қатар өзгерислер суд орынлаўшысы орнына мәмлекетлик орынлаўшысы лаўазымының киргизилиўи менен байланыслы.

Буннан тысқары, нызамда Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 101-статьясында нәзерде тутылған улыўма пайдаланыўдағы ыссылық тармақларынан ҳәм ыссылық энергиясын есапқа алыў әсбапларынан пайдаланыўға байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ҳәкимшилик ислери бойынша судьяларға тийисли болыўы нәзерде тутылмақта. Улыўма пайдаланыўдағы электр ҳәм газ тармақларынан, сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газды есапқа алыў әсбап үскенелеринен пайдаланыўға байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ўәкиллиги Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына тийисли болыўы белгиленген.

Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-июньдеги «Мәмлекетлик ветеринария хызмети басқармасы системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық «Ветеринария ҳаққында»ғы, «Халықты туберкулёз кеселлигинен қорғаў ҳаққында»ғы, «Азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамларға, Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине ҳәм Бюджет кодексине өзгерислер киргизилмекте. Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң дүзилиўи мүнәсибети менен бул өзгерислер менен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде «Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Ветеринария мәмлекетлик бас басқармасы» сөзлерин «Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети» сөзлерине алмастырыў нәзерде тутылмақта.

«Ветеринария ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгерислер менен Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң ўәкиллигине ветеринария саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының бирге ислесиўин муўапықластырып барыў ўазыйпалары киргизилген. Сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыўдың бул уйымына ветеринар тазалықты тәмийинлеў, ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлерин ерте анықлаў, оларға диагноз қойыў ҳәм олардың тарқалыўының алдын алыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилиги мониторингин әмелге асырыў сыяқлы ўазыйпалар және басқа да функциялар жүкленген.

Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлерине ҳәм халықаралық мийнет стандартларына муўапық пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы илажларды күшейтиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Сенаттың бул басламасы, бәринен бурын, елимизде пуқаралар мийнет ҳуқықларының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў әҳмийетлилиги нәтийжесинде жүзеге келди.

Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында ҳәр бир шахстың мийнет етиў, еркин жумыс таңлаў, әдалатлы мийнет шараятларына ийе болыўдан ибарат улыўма тән алынған ҳуқықын әмелде тәмийинлеў ушын шараят жаратып берген беккем ҳуқықый база қәлиплестирилди. Халықарлық ҳүжжетлерде беккемлеп қойылған бул тийкарғы социаллық ҳуқықлар Өзбекистан Республикасының Конституциясында, нызам ҳүжжетлеринде өз көринсин тапты. Оларда балалардың мийнетинен ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўға анық қадағалаўлар қойылған.

Өзбекистан Халықаралық мийнет шөлкеминиң (ХМШ) ағзасы болған ҳалда бул шөлкемниң 14 конвенциясын, соның ишинде, балалардың мийнетине ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳаққындағы конвенцияларды ратификация етти. Бул конвенциялардың қағыйдалары басқышпа-басқыш миллий нызам ҳүжжетлеримизге имплементация етилди.

Өзбекистан тәрепинен бул тараўда ХМШ менен жақын ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта пуқаралардың мийнет қатнасықлары саласындағы ҳуқықларын қорғаўға байланыслы бир қатар илажларды нәзерде тутатуғын 2017-2020-жылларда Өзбекистанда мүнәсип мийнет бойынша Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылмақта. ХМШ менен әмелий бирге ислесиў нәтийжесинде елимиздиң халықаралық абыройы сезилерли дәрежеде жақсыланды ҳәм анық илгерилеўге ерисилди.

Елимизде Балалар ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес нәтийжели жумыс алып бармақта. Бул бағдардағы жумыслардың жағдайын мониторинг етиў мәмлекетлик уйымлар менен бир қатарда инсан ҳуқықлары бойынша пуқаралық ҳәм миллий инстиутлар тәрепинен де әмелге асырылмақта.

Көрилген илажлар унамлы нәтийжелерге ерисиў имканиятын берди. Соның ишинде, елимизде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет улыўма жоқ етилди. ХМШ конвенцияларына әмел етиў бағдарында үлкен кемшиликлери болған мәмлекетлердиң дизиминде Өзбекистанның аты 2014-жылдан берли тилге алынбай атыр.

Сенаторлар 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында белгилеп қойылғанын атап өтти. Пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да беккемлеў Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылындағы үлкен жумыслардың айрықша әҳмийетли бағдары болды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, елимиз халықаралық миннетлемелерге, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине батыллық пенен әмел етиўди қатаң тастыйықлаған ҳалда, халықаралық стандартларға муўапық пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын буннан былай да тәмийинлеўди күшли қадағалаўға алып, бул тараўда әмелий халықаралық бирге ислесиў ушын ашық екенлигин билдирди.

Балалар мийнетиниң ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў және оған жол қоймаў ҳәм бул тараўда пуқаралардың ҳуқықларын гүмансыз тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў орнатыў бағдарындағы елимиздиң сиясий күшин мәжилисте регионлардың ўәкиллери айрықша атап өтти.

Мәжилис қатнасыўшылары мәжбүрий мийнет қәўпине жол қомаўға байланыслы барлық илажлардың нәтийжелигин арттырыў мақсетинде ҳәзирги басқышта мийнет қатнасықлары саласында қабыл етилип атырған илажлар бир тутас ҳәм системалы болыўына ерисиў, мәмлекетлик уйымлардың жәмийетлик шөлкемлер менен социаллық шериклик бағдарындағы имканиятларды мүмкиншилиги болғанша нәтийжели иске қосыўы зәрүрлигин атап өтти.

Мәжбүрий мийнет қәўпине жол қоймаў, әсиресе, аўыл хожалығында жол қоймаў мақсетинде аўыл хожалығын модернизациялаў, аграр секторды механизациялаў дәрежесин арттырыў, бул тараўға инновациялық технологияларды енгизиў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды шешиў зәрүр болады. Буннан тысқары, сенаторлардың атап өткениндей, пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў бойынша елимизде көрилип атырған кең көлемли илажлар ҳаққында дүнья жәмийетшилигине қалыс ҳәм толық мәлимлеме жеткериў зәрүрлигин атап өтти. Мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларын өткериўге, халықтың, шөлкемлер ҳәм мәкемелер, фермер және дийқан хожалықлары басшыларының ҳуқықый мәдениятын арттырыўға бағышланған мәлимлеме кампаниясының және мийнет қатнасықлары саласындағы нызамшылықты беккемлеўге қаратылған басқа да илажлардың нәтийжелигин арттырыў да зәрүр.

Ҳәр тәреплеме додалаўлардың жуўмағына бола, сенаторлар қарар қабыл етти, оған бола, Пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия дүзиледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Халық депутатлары Кеңеслерине тийисли аймақлық комиссиялар дүзиў усыныс етилди. Олардың жумысының анық бағдарлары белгилеп алынды. Парламентлик комиссия жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, парлементтиң системалы қадағалаўын орнатыў мақсетинде белгилеп алынған тәртипке бола, Парламентлик комиссия пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, соның ишинде, мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўдың алдын алыў ҳәм оған жол қоймаў менен байланыслы Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлерин ҳәм халықаралық шәртнамаларды орынлаў бойынша орайда ҳәм орынларда мәмлекетлик уйымлардың, басқа да шөлкемлер басшыларының жумысын үйрениў нәтийжелери ҳаққында турақлы түрде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жалпы мәжилиси додалаўына мәлимлеме киргизип барады.

Буннан тысқары, Сенаттың бул қарары менен Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлери ҳәм халықаралық мийнет стандартларына муўапық пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша илажлар комплекси тастыйықланды. Онда нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, ХМШның ратификация етилген конвенциялары орынланыўы үстинен мониторинг алып барыў, ХМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының потенциалын беккемлеў, бул тараўда мәлимлеме-түсиндириў жумысларын алып барыў бойынша бир қатар илажлар нәзерде тутылған.

Қарарға бола, нызам ҳүжжетлерине ҳәм халықаралық мийнет стандартларына муўапық пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында Өзбекистан Республикасы тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы ҳәр жылғы мәлимлеме БМШ Бас Ассамблеясының рәсмий мәлимлемеси сыпатында тарқатылады.

Сенаттың қарарында белгилеп қойылғанындай, елимиздиң шет елдеги консуллық мәкемелери арқалы дүнья жәмийетшилиги ҳәм халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, халықаралық қаржы институтларының итибарына пуқаралардың кепиллик берилген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша елимизде алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққындағы мәлимлеме жеткерип турылады.

Қарарға муўапық ҳүкимет тәрепинен аўыл хожалығы саласына базар механизмлерин, ҳәзирги заман илим ҳәм техника жетискенликлерин енгизиўди даўам еттириў, аўыл хожалығын механизациялаў дәрежесин арттырыў, механизацияланған теримди кеңнен қолланыў ушын шараят жаратып беретуғын және аўыл хожалығы саласын механизациялаўдан максимал нәтийже беретуғын ғаўашаның жаңа сортларын жетистириў, сондай-ақ, тартылып атырған мәўсимлик жумысларды экономикалық жақтан хошаметлеўдиң түрли усылларын ислеп шығыў, бул тараўдағы мийнет қатнасықларын тәртипке салыўға байланыслы усыныслар ислеп шығыў бойынша комплексли илажлар көриледи.

Қарарда орынларда мийнетке байланыслы нызам ҳүжжетлери сөзсиз орынланып атырғаны үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда, халықтың арасында бул мәселелер бойынша кең мәлимлеме-түсиндириў жумысларын өткериўде ҳәм басқа да илажларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының қатнасыўына айрықша итибар берилмекте. Усы мүнәсибет пенен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға социаллық шериклик шеңберинде мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин күшейтиў бойынша мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ажыратыў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў усыныс етилди.

Додалаўдың жуўмақларына бола мәжилис қатнасыўшылары халықаралық шөлкемлерди, қаржы институтларын мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша Өзбекистанда әмелге асырылып атырған илажларға баҳа бериўде қалыс болыўға шақырды.

Сенаторлардың пикринше, қабыл етилген қарар мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, ҳәр қандай түрдеги мәжбүрий мийнетке жол қоймаў мәселелерине байланыслы Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери нормалары менен халықаралық шәртнамаларының орынланыўы үстинен парламентлик және жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршеңлигин күшейтиўге хызмет етеди.

Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы Конституциялық судының ҳәм Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге көмеклесиўши комиссиясының қурамына өзгерислер киргизиў, Өзбекистан Республикасының Германиядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы және басқа да мәселелерди көрип шықты.

Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаны басқышпа-басқыш орынлаўға қаратылған, Сенаттың ўәкиллигине киретуғын 8 мәселе, соның ишинде, 2 нызам қарап шығылды. Сенаторлар тәрепинен қабыл етилген қарарлар халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң, пуқаралардың ҳуқықларының, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлеўдиң, елимизде турақлылықты ҳәм абаданлықты беккемлеўдиң әҳмийетли факторы болып қалатуғыны атап өтилди.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекистан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети