Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары
Өзбекистан Республикасының Конституциясы 80-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине ҳәм «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Конституциялық Нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине муўапық Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Сайёра Режипбаевна Кошаева Өзбекистан Республикасы Конституциялық судының судьясы лаўазымына сайлансын.
- Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекистан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының Баслығы И.Йўлдошев
Ташкент қаласы,
2017-жыл 4-октябрь