Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-сентябрь күни Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кириллди қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қутлықлап, Рус православ ширкеўи басшысының Өзбекистанға сапары еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дүстүрий жақын және дослық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли ўақыя екенлигин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өзбекистан ҳәм Россия арасындағы жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиў барлық бағдарлардағы әмелий бирге ислесиўге күшли пәт бағышлағаны, еки тәреплеме байланысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтергени айрықша атап өтилди.
Патриарх Кириллдиң сапар етиўи еллеримизде миллетлер ҳәм конфессиялараралық татыўлықты, диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынына айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнде Өзбекистанда 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 конфессия ўәкиллери бир шаңарақтай татыў жасамақта. Олардың өз мәдениятын, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.
Елимизде 138 миллий мәдений орай жумыс алып бармақта, Ташкентте Дослық үйи ҳәм бағы қурылған. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм шет еллер менен дослық байланыслары комитети шөлкемлестирилген.
Жаслар арасында диний билимлендириў ҳәм ағартыўшылық ислерине айрықша әҳмийет қаратылмақта. Ташкент ислам университети ҳәм институты 9 медресе, православ ҳәм протестант семинариялары жумыс алып бармақта. Самарқанд қаласында Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ташкент қаласында Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестирилмекте.
Өзбекистан Республикасы Президенти БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында ҳәммениң билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў, саўатсызлыққа ҳәм зорлыққа шек қойыў мақсетинде «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюция қабыл етиў басламасын алға қойғаны атап өтилди.
Ушырасыўда экстремизм, терроризм ҳәм радикализм сыяқлы глобал қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мақсетинде конфессиялараралық сөйлесиўди буннан былай да беккемлеў, жәмийетте миллетлераралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, жас әўладқа билим ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия бериў мәселелери додаланды.
Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл миллетлералық тынышлық-татыўлықты, түрли дин ўәкиллери арасында дослықты ҳәм мийрим-шәпәәтти беккемлеў бағдарында елимизде алып барылып атырған сиясатқа және Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде жаңа басқышта әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларға баҳа берди.
Өзбекистанда Рус православ ширкеўиниң жумысына көрсетилип атырған итибар ҳәм жәрдем, христиан динине исенетуғынлардың толық ҳуқықлы руўхый турмысы жолында жаратылған шараятлардан оғада қуўанышлы болғанын атап өтти.
Патриарх Кирилл Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени және Өзбекистанға сапары илажларға бай бағдарлама тийкарында шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирди.
Рус православ ширкеўи Өзбекистан – Россия қатнасықларын беккемлеўде буннан кейин де белсене қатнасыўға, руўхый қәдриятларымызды байытыўға, халықларымызды буннан былай да жақынластырыўға көмеклесиўге таяр екени атап өтилди.
ӨзА