Яқин қардошлик ва ўзаро манфаатдорликка асосланган ҳамкорликнинг янги босқичи

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев 16-сентябрь күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Нурсултан Назарбаев Шавкат Мирзиёев пенен бирге Мустақиллик майданына барды. Жоқары мәртебели мийман еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм ийгиликли нийетлеримиздиң нышаны болған Мустақиллик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Президентлер пайтахтымыздағы Шайх Хованди Тоҳур ҳәм Төле бий мавзолейлерин зыярат етти. Усы жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине қысқаша интервью берилди.

Нурсултан Абишевич сапарларын муқәддес орынларды зыяратлаўдан баслағанында үлкен мәни бар, деди Шавкат Мирзиёев. Себеби Төле бий халықларымыздың татыўлығы ҳәм аўызбиршилиги жолында хызмет еткен. Шайх Хованди Тоҳур бабамыз да пүткил өмири даўамында елди тынышлық-татыўлыққа шақырған. Бүгин халықларымыздың аўызбиршилиги жолында исленип атырған жумыслар да әне усы әййемги дослығымызды буннан былай да беккемлеўге қаратылған.

Халықларымыз уллы бабаларымызды бәрқулла ҳүрмет етип келген, деди Нурсултан Назарбаев. Өзбекистан үлкесинде қазақ халқының қәдирли перзенти Төлебий жерленген. Төле бий өз дәўириниң атақлы шахсларынан бири болып, қазы сыпатында танылған. «Жети Жарғы» нызамлар топламын дүзиўде авторлардан бири болған. Бәрқулла елди бирликке баслаған. Шавкат Миромановичқа қазақ халқының уллы перзенти Төлебий мавзолейин абаданластырыўға қаратып атырған үлкен итибары ушын миннетдаршылық билдиремен. Халықларымызды уллы бабаларымыздың руўхы барқулла қолласын.

Мәмлекет басшылары Өзбекистан Республикасы Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине гүл қойып, Уллы Жолбасшымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Өзбекистан Республикасы Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев «Өзэкспоорай»да шөлкемлестирилген Қазақстан миллий өнимлериниң көргизбеси менен танысты.

«Өзбекистан – Қазақстан: бирге ислесиўдиң жаңа басқышы» деп аталған бул көргизбеден тийкарғы мақсет еки елдиң компаниялары арасында турақлы байланысларды жолға қойыў және жаңа қоспа саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға көмеклесиўден ибарат. Онда Қазақстанның автомобиль қурылысы, нефть-газ, әскерий техника, авиация, фармацевтика, текстиль, мәлимлеме технологиялары, қурылыс материаллары ҳәм басқа да салаларда жумыс алып барып атырған елиўден аслам компанияларының өнимлери, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының, илимий-өндирислик орайларының инновациялық технологиялары көрсетилмекте.

Президентлер экспозиция менен танысар екен, еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда бундай көргизбелер үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Еки мәмлекеттиң экономика тармақлары арасында бирге ислесиў қатнасықларының кеңейиўи өндирис процессин жетилистириўге ҳәм өнимлердиң буннан былай да кең ен жайыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Сапардың тийкарғы илажлары Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм  Нурсултан Назарбаев тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Президентимиз Қазақстан Президентин Өзбекистан үлкесинде шын жүректен қутлықлап, Нурсултан Назарбаевтың бул мәмлекетлик сапары еки елдиң қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўда тарийхый ўақыя екенин атап өтти.

Бул сапар етиўди бизиң узақ мүддетке мөлшерленген стратегиялық мәплеримиз, алдымыздағы ўазыйпаларды биргеликте шешиўге болған умтылысларымыз тамырлас екениниң айқын дәлили сыпатында қабыл етемиз, деди Шавкат Мирзиёев. Быйыл Өзбекистан – Қазақстан қатнасықларының раўажланыўында тарийхый жыл болды. Биз Нурсултан Назарбаев пенен усы жылдың өзинде алтыншы мәрте ушыраспақтамыз. Бул өз-ара исеним жоқары дәрежеде екениниң дәлили.

Қазақстан Президенти Өзбекистан Президентине мирәт екени ушын миннетдаршылық билдирип, еллеримиз арасындағы байланыслар беккемленип атырғанын атап өтти.

Биз тамыры бир халықпыз. Пүткил тарийх даўамында болғаны сыяқлы ғәрезсизлик жылларында да бир-биримизди қоллап-қуўатлағанбыз, деди Нурсултан Назарбаев. Өзбекистан Президентиниң март айындағы Қазақстанға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди. Өткен қысқа ўақытта еки тәреплеме байланысларда бурын бақланбаған жоқары нәтийжелерге ерисилди. Еллеримиздиң экономикасы бирин-бири толықтырады. Қазақстан Өзбекистан менен бирге ислесиўди барлық тараўлар бойынша кеңейтиўге таяр.

Ҳақыйқатында да, өзбек ҳәм қазақ халықлары әзелден бир-бирине ийинлес болып, татыў жасап келген. Халықларымыздың тарийхы, тили, мәденияты, қәдириятлары бир. Бул жақынлық бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўге беккем тийкар болмақта. Еллеримиз арасындағы бирге ислесиў 1998-жылы Ташкентте қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасындағы Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнама, 2013-жыл пайтахтымызда қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама руўхында раўажланбақта.

Еки тәреплеме бирге ислесиў барлық тараўларды қамтып алған. Парламентлер, министрликлер менен ведомстволар арасындағы байланыслар турақлылыққа ийе.

Еллеримиз БМШ, ШБШ, ҒМДА, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша тәреплердиң позициялары бир-бирине сәйкес ямаса жақын.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың ашық ҳәм прагматикалық сиясаты нәтийжесинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жеделлести. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 22-23-март күнлери Қазақстанға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтерди. Сапар етиў шеңберинде қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында 2017-2019-жылларға мөлшерленген экономикалық бирге ислесиў стратегиясы саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўына күшли пәт бағышлады.

Сөйлесиўде Өзбекистан менен Қазақстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективалары додаланды. Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўлер Өзбекистан ҳәм Қазақстан рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам еттирилди. Еллеримиз арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, транспорт-коммуникация, энергетика, аўыл хожалығы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Қазақстан Өзбекистанның ең әҳмийетли саўда-экономикалық шериклеринен бири. 2016-жылдың жуўмақлары бойынша еки мәмлекет базарларында товар алмасыўдың көлеми 2 миллиард доллардан асқан. Усы жылдың январь-август айларында саўда айланысы 35 процентке өскен.

Президентлер бул көрсеткиш еллеримиздиң үлкен потенциалына сәйкес емес екенин, буның ушын қосымша саўда үйлерин раўажландырыў, өз-ара саўда номенклатурасын кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти. Еки мәмлекет арасында өтимли өнимлерди жеткерип бериўге, аймақлар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға, исбилерменлик субъектлери ушын қолай шараятлар жаратыўға келисип алынды.

Өзбекистан менен Қазақстан арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияға товар алмасыўдың көлемин 5 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Транспорт-коммуникациялары саласы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады. Еллеримиздиң автомобиль ҳәм темир жоллары өз-ара интеграцияласқан. Бул әҳмийетли коммуникация тармағы үшинши мәмлекетлер ушын да транзит ўазыйпасын өтемекте. Сөйлесиўлерде Өзбекистан ҳәм Қазақстан аймақларынан сыртқы саўда жүклерин тасыўда өз-ара преференциялар ҳәм қосымша жеңилликлер белгилениўи бул саладағы бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда халықаралық терроризм, диний экстремизм, нызамсыз миграция, наркотиклердиң нызамсыз айланыста болыўы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық және халықаралық қәўипсизликке қәўип туўдыратуғын басқа да қәтерлерге қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентлер Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысар екен, бул елде тынышлық ҳәм турақлылық тәмийинлениўи және экономикалық тиклениўдиң тәрепдары екенин атап өтти. Аўғанстанды регионаллық саўда-экономикалық байланысларға тартыў, буның ушын инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў лазымлығы атап өтилди.

Орайлық Азиядағы трансшегаралық дәрьялардың суўы халықларымыздың ортақ байлығы екени, миллионлаған инсанлардың тәғдири, пүткил регионның турақлылығы ҳәм абаданлығы олардан ақылға муўапық және әдил пайдаланыўға байланыслылығы атап өтилди.

Мәмлекет басшылары бул дәрьяларда жаңа гидротехникалық қурылмаларды регионның барлық еллериниң мәплерин есапқа алатуғын конструктивлик көз-қарас тийкарында қурыў ҳаққында айқын пикир билдирди.

Илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, көркем өнер, туризм, спорт ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша да келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, 2018-жылы Қазақстанда Өзбекистан жылын ҳәм 2019-жылы Өзбекистанда Қазақстан жылын өткериўге келисип алынды.

Соннан соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев Бирликтеги билдириўге қол қойды.

Өзбекистан – Қазақстан бирге ислесиўиниң түрли тараўларына байланыслы 10 нан аслам ҳүжжетке қол қойылды. Мәмлекетлик шегараларда өткериў пунктлерин ҳәм автомобиль жолларын реконструкциялаў және модернизациялаў, суўға байланыслы қатнасықлар саласында бирге ислесиў, энергетика тараўында бирге ислесиў, контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығының бузылыўына қарсы гүресиўде бирге ислесиў, темир жол саласында стратегиялық бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүжжетлер солардың қатырына киреди.

Сондай-ақ, еки ел аймақларының тиккелей байланысларына тийкар болатуғын бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимликлери менен Қубла Қазақстан ўәлаяты ҳәкимлиги, Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги менен Қызылорда ўәлаяты ҳәкимлиги арасында саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық салаларда бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумларға ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллериниң ушырасыўында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев сөйлесиўлер Өзбекистан – Қазақстан қатнасықларына сай өз-ара түсинисиў ҳәм ҳүрмет руўхында өткени, тәреплер барлық стратегиялық мәселелер бойынша пикирлес екенин айрықша атап өтти. Сөйлесиў ўақтында Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлери арасында ерисилген келисимлер, қол қойылған ҳүжжетлер еллеримиздиң бирге ислесиўин жаңа сапа басқышына алып шығатуғыны атап өтилди.

Қазақстан Президентиниң елимизге мәмлекетлик сапары қарсаңында Нурсултан Назарбаевтың «XX8 әсир босағасында» китабы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың кирис сөзи менен өзбек тилинде басып шығарылды. Мәмлекетимиз басшысы бул китапты Қазақстан Президентине саўға етти. Шавкат Мирзиёев Нурсултан Назарбаевтың бийғәрез Қазақстан мәмлекетиниң тийкарын салыўшысы сыпатындағы жумысына жоқары баҳа берди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 15-сентябрьдеги пәрманына муўапық, еллеримиз арасындағы дәстүрий дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды. Мәмлекетимиз басшысы бул жоқары сыйлықты салтанатлы рәўиште тапсырды. Нурсултан Назарбаев бул сыйлық ҳәм ҳүрмет-итибар ушын Шавкат Мирзиёевқа терең миннетдаршылық билдирди.

Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Анвар САМАДОВ,

ӨзАның хабаршысы