Бул ҳаққында Президент басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланып өткерилип атырған мәжилисте атап өтилди.

Кәмбағал шаңарақтағы 460 мың адам медициналық жәрдемге, 6 мың шаңарақ болса турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж.

Сол себепли 2025-жылы мүтәж адамлардың хирургиялық операциясы ушын Мединциналық қамсызландырыў қорына қосымша 185 миллиард сум ажыратылады. «Социаллық дәптерлер» қаржысы тек ғана кәмбағал шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў емес, ал медициналық, билимлендириў хызметлерин көрсетиў ҳәм дәраматын арттырыўға сарыпланады. Әдиллик болыўы ушын, ендигиден былай бул қаржылар райондағы кәмбағаллар санына қарап бөлистириледи.

Социаллық дәптерлер қаржысының 30 процентин район ҳәкимлерине «Инсан» орайлары менен мәҳәлледеги турақ жай, жол, суў ҳәм электрди жақсылаў ушын пайдаланыўға рухсат бериледи.

Және бир мәселе- ҳәзирде 400 көп қабатлы социаллық жайда 25 мың халық жасайды. Бирақ олар жақын ағайинлери менен турақлы жасаў шараятынан узақласып бататырғанын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен мүтәж халықты бир социаллық турақ жайға жайластырыўдан ўаз кешиледи. Оларға өзиниң мәҳәллесине жақын жердеги үйди ижараға алыўға рухсат бериледи, қәрежети қаплап бериледи.

Социаллық қорғаў агентлигиниң директоры М. Оллоёровқа бул бойынша тийисли тапсырмалар берилди.