Соңғы он жыл ишинде дүнья климат өзгериўиниң аянышлы ақыбетине барған сайын көп дус келмекте. Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан да буннан тысқары емес: мәмлекетимиз экологиялық тең салмақлылық бузылыўына тәсиршең аймақ болып есапланады.

Кейинги ўақытта экспертлер да климат өзгериўи мәўсиминде тез-тез жазып атыр. Мысалы, әсир орталарына келип, региондағы еки ең ири дәрья – Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның ағымы 15 процентке төменлеўи, халықтың жан басына суў тәмийнаты 925 процент, аўыл хожалығы өнимлилиги 40 процентке кемейиўи болжанған. Булардың бәри экономиканың раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетип, инфраструктураға зыян жеткеретуғыны, халықтың саламатлығы ҳәм турмысын жаманластырыўы мүмкин. Усы көзқарастан Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде климат күн тәртиби мәмлекет сиясатының әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленгени бийкарға емес. Париж келисими 2017-жыл қол қойылып, 2018-жыл ратификацияланыўы пикиримиздиң тастыйығы.

Усылайынша Өзбекстан да 175 мәмлекет қатары глобал температура орташа көтерилиўин Цельсий бойынша 2 дәрежеден төмен дәрежеде услап турыў миннетлемесин мойнына алған.

2021-жыл Глазгода болып өткен СОР26 конференциясында Өзбекстан ЖИӨге салыстырмалы ыссыхана газы шығындысын азайтыў бойынша жаңаланған миллий көлемде анықланатуғын үлес (ММАХ,-2) ҳүжжетин берди. Бул көрсеткишти 2010-жылдағы дәрежеге салыстырмалы 2030-жылға барып 10 проценттен 35 процентке шекем артыўы (ММАХ,-2) нәзерде тутылған.

Усы мақсетке ерисиў ушын нормативлик ҳуқықый ҳәм институционаллық база кеңейтирилип, қосымшалар менен толтырылды. Бир неше стратегиялық ҳүжжет, қарар қабыл етилди ҳәм әмелге асырылды.

Мысалы, 2019-жыл октябрь айында қабыл етилген Президент қарары ийкарында 2019-2030-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиў стратегиясы тастыйықланды ҳәм жасыл экономика бойынша Уйымлараралық кеңес дүзилди.

Бир қатар стратегиялық ҳәм дәстүрий ҳүжжетлер, атап айтқанда, 2030-жылға шекем болған дәўирде қоршаған орталықты қорғаў концепциясы, суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы, 2019-2028-жыллар дәўиринде қатты хожалық шығынды менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў стратегиясы қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте қоршаған орталықты қорғаў ҳаққындағы өз алдына статья киргизилиўи мәмлекетимиз экологиялық сиясатын раўажландырыў жолында және бир әҳмийетли қәдем болды. Усы тәризде пуқараларымыздың экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳуқықы ҳәм миннетлемеси анық белгиленди.

Буннан тысқары, Президенттиң 2023-жыл майдағы пәрманында экологиялық нызамшылықтың бузылыўы нәтийжесинде пуқараларға жеткерилген зыянды қаплаў тәртиби белгиленген.

Быйылғы жылдың июль айында Президент жанында шөлкемлестирилген Климат кеңеси климат өзгериўи ақыбетин жумсартыў ҳәм усындай жағдайларға бейимлесиў мәселелери бойынша жоқары мәсләҳәт уйымы етип белгиленген.

Ғ.Хонназаров таярлады. ӨзА