Бүгин МҒКА жуўапкерлери ҳәм Францияныӊ Аудиовизуал бирге ислесиў бойынша регионаллық атташеси Эммануэл Фосийон, Франция елшисиниӊ биринши мәсләҳәтшиси Максим Жеренже, бирге ислесиў бағдарында атташе Сиприен Лёруа менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў даўамында Францияныӊ Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстандағы елшиханалары, Canal France International (CFI –Франция мәмлекетлик агентлиги) ҳәм Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте быйылғы жылдыӊ 6-8-май күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азия журналистлери форумын шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Атап өтилиўинше, форум шеӊберинде дезинформациялардыӊ тарқалыўы, журналистлердиӊ медиа тараўындағы кескин өзгерислерге бейимлесиўи, ҒХҚлардыӊ аудиторияны кеӊейтиўдеги жумыслары, сондай-ақ, мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша әҳмийетли ҳәм тийкарғы темалар бойынша панел сессиялар шөлкемлестириледи.

Ушырасыўда келешекте илажлар шөлкемлестириўде бирге ислесиўди кеӊейтиў мәселелери бағдарында да пикир алысылды.

Н.Усмонова, ӨзА