Хави «Барселона»ны тәрк етпекте

237

Испанияның «Барселона» клубы бас тренери Хави усы мәўсим жуўмақланғаннан соң өз хызмет ўазыйпасын тәрк етеди.

Бул ҳаққында клубтың рәсмий сайты мәлим етти. Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Хави «Барселона»ны 2021-жылдың ноябрь айынан баслап басқарып келмекте. Оның басшылығында клуб Испания чемпионлығы ҳәм мәмлекет Суперкубогин қолға киргизиўге миясар болды.

Әйне ўақытта «Барселона» Ла Лигада 2-орынды ийелеп келмекте. Испания чемпионатындағы соңғы ойынды болса, Хави шәкиртлери 26-май күни «Севилья»ға қарсы өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги