Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин 26-27- май күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Сапар бағдарламасында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.

Болатуғын ушырасыў күн тәртибинен Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық байланысларын және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириў мәселелери орын алған.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге, бәринен бурын, өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, экономика тармақларында кооперация жойбарларын алға қойыў, инновациялық бирге ислесиў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылады.

Саммит жуўмақлары бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлер топламын қабыл етиў режелестирилген.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң биринши мәжилисинде қатнасады.

Сапар алдынан Ташкент қаласында бир қатар биргеликтеги илажлар- жетекши инженерлик-техника жоқары оқыў орынлары ректорларының ушырасыўы, медицина илимий-әмелий конференциясы ҳәм Рус көркем өнери ҳәптелиги болып өтип атырғанлығын атап өтиўимиз керек.

                                                                                                            ӨзА