Беруний районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери академиясы жумысшы топары ағзаларының қатнасыўында “Ўатанға садық жаслар” атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда район секторларының басшылары, түрли тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған белсенди жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, жасларды ана Ўатанға ҳәм миллий қәдириятларға садықлық, өз кәсибине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бүгинги күнниң баслы ўазыйпаларының биринен есапланады. Соның ушында жасларды жат иллетлерден қорғаў, келешекте кәмил инсанлар етип тәрбиялаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екенлиги атап өтилди. Буның ушын мәмлекетимизде барлық шараят жаратылған.

Илаж шеңберинде районлық Қорғаныў ҳәм Айрықша жағдайлар бөлимлери тәрепинен әскерий ҳәм қорғаныў қуралларының көргизбеси шөлкемлестирилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги