Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигинде Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) жойбарының техникалық көмеги жәрдеминде “GOPA AFC”  аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық шөлкеми экспертлериниң қатнасыўында пестицидлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң қәнигелери, қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң мәмлекетлик фитосанитар инспекторлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинар-тренинг  пестицидлерден ақылға уғрас пайдаланыўға бағышланған болып, онда қәнигелер тәрепинен оларды сақлаў, көшириў ҳәм пайдаланыўда қорғаныў майданларын белгилеп алыў, категорияларға бөлиниўи бойынша толық мағлыўмат берилди. Бул бойынша дүнья жүзилик, атап айтқанда, Хорватия тәжирийбеси презентация мысалында қатнасыўшыларға жеткерилди.

Илажда пестицидлерден пайдаланыўдың инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў ҳәм зыянкеслерге қарсы интеграцияласқан басқарыў, оларға химиялық емес альтернатив усыллардан пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў арқалы пестицидлерден нәтийжели пайдаланыўға тийкар жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги инспекторларынан усы тараўда өз билимин жетилистириўди қәлеўшилер “GOPA AFC” аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық шөлкеми қәўендерлигинде Хорватияда қәнигелигин арттырыўына болатуғынлығы мәлим етилди.

-Европа аўқамында соңғы жыллары Өзбекстанда жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерине болған қызығыўшылық жылдан-жылға артып бармақта,- дейди “GOPA AFC” аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық шөлкеминиң эксперти Тина Фазиниж ханым.-Бундай илажларды өткериўден тийкарғы мақсет, жетистирилген өнимлерге илажы болғанынша пестицидлерди қолланбаў, қолланған жағдайда да оның зыянын азайтыў болып табылады. Соның менен бирге, усы пестицидлерди қолланғанда оны маман қәнигелер әмелге асырса муўапық болар еди. Себеби, тәжирийбесиз қәниге қолланса, бириншиден өзине, екиншиден шаңарағына, қоршаған орталыққа, ҳайўанатлар дүньясына, суў бассейнлерине зыян келтиреди. Бүгинги семинарда халықаралық экспертлер тәрепинен билдирилген баҳалы усыныслар есапқа алынса, келешекте тараўда унамлы нәтийжелерге ерисип, аўыл хожалығы өнимлери экспортының көлеми және де артқан болар еди.

Семинарда Европа Аўқамында пестицидлерден турақлы пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарлары, пестицидлерден профессионал ҳәм ҳәўескер пайдаланыў, пестицидлерден қәўипсиз пайдаланыў бойынша қәнигелерди мәжбүрий оқытыў, оннан пайдаланыўда миллий ҳәрекет режелери, қоршаған орталықты қорғаў, зыянкеслерге қарсы интеграцияласқан басқарыў ҳәм органикалық өндирис  темаларында презентациялар исленип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери