Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясы тийкарында Санлы криминалистика илимий-изертлеў институтыныӊ шөлкемлестирилиўи халықаралық дәрежеде тән алынбақта. Түрли мәмлекетлердиӊ тараў экспертлери бул басламаны жоқары баҳаламақта.

Иван Стрельцов, Россия тергеў комитети Криминалистика бас басқармасы басшысыныӊ орынбасары:

– Санлы криминалистика илимий-изертлеў институтыныӊ шөлкемлестирилиўи Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў жумысы тараўында әҳмийетли қәдем болды. Мәлимлеме технологияларыныӊ жедел раўажланыўы ҳәм олардыӊ нызамсыз мақсетлерде қолланылыўы шараятында, бул институт кибержынаятшылыққа қарсы гүрестиӊ инновациялық усылларын ислеп шығыў ҳәм енгизиўде әҳмийетли орын тутады. Сизиӊ изертлеў ҳәм қолланбаларыӊыз тек Өзбекстанда емес, ал халықаралық көлемде де санлы криминалистиканыӊ раўажланыўына әҳмийетли үлес қосады.

Юрий Каменецкий, Беларусь Республикасы Тергеў комитети маманлық арттырыў институты директоры:

– Өзбекстан Республикасыныӊ санлы криминалистиканы раўажландырыўға қаратылған стратегиялық итибары жоқары баҳаға ылайық. Усы тараўдағы қәнигелестирилген институттыӊ шөлкемлестирилиўи санлы дәўирде миллий қәўипсизликти тәмийинлеўге комплексли көзқарастан дәрек береди. Исенимим кәмил, институттыӊ илимий изертлеўлери ҳәм әмелий қолланбаларыныӊ нәтийжелери экономика, өндирис ҳәм жәмийетлик турмыстыӊ басқа тараўларын киберқәўиплерден қорғаў ушын исенимли тийкар болып хызмет етеди.

Мухитдин Ўздемир, Түркия Әдиллик академиясы президенти:

– Санлы криминалистика илимий-изертлеў институтының шөлкемлестирилиўи заманагөй дәўир талапларына өз ўақытнда берилген жуўап болып табылады. Глобал санластырыў ҳәм кибержынаятшылықтың өсиў шараятында кең көлемли биргеликтеги изертлеўлер өткериў биринши дәрежели әҳмийетке ийе болмақта. Түркия Әдиллик академиясы санлы криминалистика тараўында илимий изертлеўлер ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша жедел бирге ислесиўге таяр екенин билдиреди.

Сами Рюханен, ЕҚБШ полиция жумысы стратегиялық мәселелери бөлими баслығы:

– Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) Өзбекстанда Санлы криминалистика илимий-изертлеў институтының шөлкемлестирилиўин қутлықлайды. Усы баслама ЕҚБШның халықаралық кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы әҳмийетли бағдарларға толық сәйкес келеди. Биз бул институтты Орайлық Азияда санлы қәўипсизлик мәселелери бойынша регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын потенциал платформа сыпатында көрип шығамыз ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүрес имканиятын арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўге таярмыз.

Өзбекстан Республикасы Санлы криминалистика илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў арқалы және бир мәрте кибержынаятшылықтан аўлақ жәмийет қурыўға садықлығын көрсетти.

Бул жерде инновациялық технологиялар, ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелилик ҳуқық қорғаў жумысының ирге тасы болып есапланады. Санлы криминалистика институтының шөлкемлестирилиўи санлы жынаятларға қарсы гүресте басқа мәмлекетлер ушын үлги болып хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА