Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2024-2025-оқыў жылы қабыллаўына байланыслы мәселелерге бағышланған баспасөз конференциясы ҳәм «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен илаж өткерилди.

Конференцияны институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков алып барды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-май күнги «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ, 2024-2025-оқыў жылы ушын қабыллаў процесиндеги әҳмийетли жаңалықлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Қәнигелер ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине быйылғы қабыллаўдың өзгешеликлери, ҳүжжет, имтихан тапсырыўдың тәртип-қағыйдалары, институттағы абитуриентлер ушын жаратылып атырған шараятлар, имтихан алынатуғын орынлар ҳәм басқа да қабыллаўға байланыслы өзгерислерди кең түрде атап өтип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда ғалаба хабар қуралларының мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды, соның менен бирге, институттағы илим, билимлендириў тараўындағы жаңалықларды, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы илажларды кең түрде сәўлелендириўдеги мийнетлери айрықша атап өтилип, тараў пидайыларын институт ректораты атынан қызғын қутлықлап, оларға Ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги