Кегейли районында аймақ жасларының қатнасыўында футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги»ниң районлық басқышы өз жуўмағына жетти.
Онда «Жылўанжап» мәкан пуқаралар жыйыны командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал, екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Жүзимбағ ҳәм Халқабад елатының жаслары ийелеўге миясар болды.
Усы кубок шеңберинде киши футбол бойынша өткерилген жарыстың жуўмағында болса, Абат аўыл пуқаралар жыйынының командасы жеңимпаз атанды.
Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Нурлы бостан ҳәм Абат мәкан аймақларының жасларына несип етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги