Бирлескен Араб Әмирликлериниң пайтахты Абу-Даби қаласында өткерилип атырған  дзюдо бойынша 37-жәҳән чемпионатында жеккелик беллесиўлери өз жуўмағына жетти.

Дүнья жүзиниң 107 мәмлекетинен дзюдошылар қатнасқан бул жарыста Япония сайланды командасының палўанлары 3 алтын, 2 гүмис ҳәм 4 қола медалын қолға киргизип биринши орынды ийелеўге миясар болды. Екинши орынды 2 алтын, 1 гүмис ҳәм қола медальларын жеңип алған Грузия, 2 алтын ҳәм 3 қола медалына ийе болған Қубла Корея Республикасы ийелеўге еристи.

Ал, Өзбекстан сайланды командасы спортшылары 1 гүмис ҳәм қола медалын қолға киргизип, улыўмалық есапта 11-орынға ылайық деп табылды.

Атап айтқанда, сайланды команда ағзаларынан өз салмақ категориясы бойынша Диёра Келдиёрова гүмис, Алишер Юсупов қола медалын жеңип алыўға еристи.

Бүгин жәҳән чемпионатында командалық беллесиўлер болып өтеди ҳәм онда Өзбекстан сайланды командасы Бразилия сайланды командасы палўанлары менен беллеседи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги