Жақында болып өткен “Ҳамшира–2024” таңлаўының республикалық басқышында сыйлы орынларды ийелеген мийирбийкелер Әмиўдәрья районы медицина бирлеспеси тәрепинен хошаметленди.

Таңлаўдың районлық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышында районлық медицина бирлеспеси операция бөлиминиң нәўбетши мийирбийкеси Хулқар Қазақбаева мәмлекетимиз басқышында сыйлы екинши орынды ийеледи. Сондай-ақ,  районлық медицина бирлеспесиниң  және бир мийирбийкеси Санобар Аҳмедова да “Ҳамшира–2024” таңлаўында “Жылдың ең жақсы емлеўши мийирбийкеси” номинациясында үшинши орынды қолға киргизди.

Районлық медицина бирлеспесинде өткерилген илажда таңлаўда сыйлы орынларды ийелеген Хулқар Қазақбаева ҳәм Санобар Аҳмедова,  медицина бирлеспесиниң бас мийирбийкеси Луиза Янгибаеваларға Алғыснама, Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги