Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов 1961-жылы 24-май күни Ташкент қаласында туўылған.

Ол 1983-жылы Ташкент электротехника байланыс институтын (ҳәзирги Тошкент ахборот технологиялары университети ) оқып питкерген.

Мийнет жолын 1983-жылы Ташкент телефон-телеграф станциясында инженерлик жумысынан баслап, өткен жылларда бир қатар жуўапкерли лаўазымларда ислеген. Атап айтқанда, Почта ҳәм телекоммуникацияларды раўажландырыў мәмлекетлик фонды баслығы, Өзбекстан почта ҳәм телекоммуникация агентлиги директоры, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары болған.

2016-жылы 12-декабрьде Исбилерменлер ҳәрекети- Өзбекстан Либерал- демократиялық партиясы тәрепинен Бас министрликке талабан етилип, 14-декабрьде усы лаўазымға тастыйықланды.

2020-жылдың 21-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты Президенттиң Бас министр кандидатурасын тастыйықлаў ҳаққындағы рухсатнамасын көрип шығып, Абдулла Ариповты Бас министр етип тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Абдулла Арипов “Дўстлик”,  “Меҳнат шуҳрати” ҳәм “Фидокорона хизматлари учун” орденлери менен сыйлықланды.                                                                                                                                                                   

                                                                                                                     ӨзА