Көз инсан ушын бийбаҳа байлық, ең әҳмийетли дене ағзасы есапланады. Қабыл етилетуғын хабардың 90 проценти әйне көз арқалы қабыл етиледи. Көз кеселликлери келип шығыўы нәсиллик болыўы да мүмкин. Бирақ нәсилге, жасқа, жынысқа байланыслы болмағанлары да бар. Дүнья медицинасында рефракция аномалиялары ( узақ яки жақынды жақсы көрмеў – миопия, гиперметропия, астигматизм,) түрли көз жарақатлары, катаракта, глаукома, пресбиопия ( қартайған сайын көриўдиң төменлеп барыўы ) сыяқлы кеселликлер көп ушыраспақта. Экологиялық жағдайдың  бузылыўы, азық-ауқат өнимлери қурамындағы түрли химиялық қосымшалардың үлеси барған сайын артып барыўы, саламат емес турмыс тәризи көз кеселликлериниң кобейиўине себеп болады.

Бүгин дүнья медицинасы офтальмология ҳәм көз микрохирургиясы бағдарында да үлкен жетискенликлерге еристи.

Пайтахтымызда шөлкемлестирилген “Офтальмологияда инновациоялық технологиялар” халықаралық конференциясында көз кеселликлериниң алдын алыў ҳәм  офтальмологияны раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары ҳаққында сөз етилди.

Конференция Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Офтальмологлар ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Шыпакерлер ассоциациясы жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Офтальмологлар ассоциациясы жуўапкерлери тәрепинен 500 ден аслам қәнигелердиң қатнасыўында халықаралық вебинарлар өткерилген. Американың белгили  “Lions Eye Institute” трансплантация орайы менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылған. Сондай-ақ, Ассоциация тәрепинен мәмлекетлик уйымларға мәсләҳәи жәрдеми көрсетилмекте, балалар ушын профилактика бағдарлары әмелге асырылып, оптометрист мийирбийкелердиң тәжирийбесин арттырыў шөлкемлестирилмекте.

Илаж даўамында Өзбекстан офтальмологлар ассоциациасы баслығы Зульфия Мақсудова медицинаның әҳмийетли бағдары есапланған, заманагөй санлы технологиялардың раўажланыўы ҳәм соған сәйкес түрде инсан, әсиресе, балалар ҳәм өспирим жаслардың көзине аўырлықтың жүклениўдиң кескин артыўы себепли талап артып баратырған офтальмология тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Қәнигелердиң айтыўларына бола, көзди қорғаўдың универсал усылы жоқ. Көриўдиң төменлеп барыўы қайтарып болмайтуғын процесс. Жумыстың сапасына орынланған жумыстың тәбияты, генетикалық жақтан анықланған өзгешеликлери, сондай-ақ, жоқары физикалық ҳәрекети ҳәм аўқатланыў тәсир етеди.

Халықаралық конференцияда офтальмологиялық жәрдемди шөлкемлестириў мәселелери, глаукома, көздиң алдыңғы сегменти, көз гәўҳары ҳәм арқа сегмент патологиясын емлеўде жаңа технологиялар, сондай-ақ, офтальмологиялық диагностикада инновациялық шешимлер, соның  ишинде, рефракция аномалияларын анықлаў ҳәм емлеўде заманагөй көзқараслар көрип шығылды.

                                                                                                                    ӨзА