Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Бишкек қаласына әмелий сапары даўамында Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши Төреағасы Нурланбек Шакиев пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў алдынан еки мәмлекет арасындағы жақын қоңсышылық, ўақыт сынағынан өткен туўысқан стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларының бүгинги күндеги жоқары дәрежесине тоқтап өтти. Онда еки мәмлекет Президентлериниң исенимли ерк-ықрары ҳәм ашық және өз-ара исенимге тийкарланған дослық қатнасықлары әҳмийетли тийкар болып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыў даўамында парламентлер арасындағы бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши арасында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссиясының жумысын жеделлестириў, парламентлик қадағалаў институтынан пайдаланған ҳалда жоқары дәрежедеги келисимлер орынланыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў бойынша пикир алысты.

Сондай-ақ, еки мәмлекет шегараалды ўәлаятлар басшыларының Кеңеси илажларында жергиликли депутатлардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, бирге ислесиў нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша усыныслар алға қойылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер халықаралық парламентлераралық структуралар шеңбериндеги байланысларды және де кеңейтиўге келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги