Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде кеўилли жаслардың қатнасыўында жол ҳәрекети қағыйдаларын үгит-нәсиятлаў мақсетинде,  пайтахтымыздағы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылар арасында «Жасыл шырақ» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан өз аймағында жеңимпазлықты қолға киргизген командалар қатнасты ҳәм олар жарыс режесине бола, белгиленген 12 шәрт бойынша өз-ара беллести.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында,  биринши орынды Нөкис қаласындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы ийелеп, жарыстың жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал, екинши орын Шоманай районындағы 21-санлы, сыйлы үшинши орын Кегейли районындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшыларына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги