2024-жыл 9-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиўинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардыӊ ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисти Олий Мәжилис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттыӊ YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.

Сенаттыӊ жалпы мәжилисинде дәслеп “Кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлик субъектлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў орнатыўға қаратылған илажлар белгиленгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ Салық кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бизге белгили, кейинги жыллары мәмлекетимизде социаллық қорғаўға мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў системасыныӊ нәтийжелилигин арттырыў шеӊберинде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм кем тәмийинленген шаӊарақлар ағзаларыныӊ бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соныӊ менен бирге, салық жеӊилликлери ҳәм преференциялар, атап айтқанда, салықларды бөлип-бөлип төлеў имканиятын бериў ҳәм төменлетилген салық ставкаларын белгилеў арқалы исбилерменлик субъектлерин кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған илажларға жедел тартыў мақсетке муўапық.

Нызам менен Өзбекстан Республикасыныӊ Салық кодексине исбилерменлик субъектлерине олар жаратқан жаӊа жумыс орынларыныӊ санына қарап тийисли салықларды белигили бир мүддетлерде бөлип-бөлип төлеў имканияты берилиўин, сондай-ақ, юридикалық тәреплердиӊ мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын төменлетилген салық ставкалары бойынша төлениўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Кодексте нәзерде тутылған қосымша қун, пайда салығы ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан тысқары барлық салықларды олар жаратқан жаӊа жумыс орынларыныӊ санына қарап бөлип-бөлип төлеў имканияты берилмекте. Атап айтқанда,

– 51 ден 100 ге шекем жаӊа жумыс орны жаратылғанда – үш айға шекем;

– 101 ден 200 ге шекем жаӊа жумыс орны жаратылғанда – алты айға шекем;

– 200 ден аслам жаӊа жумыс орны жаратылғанда – он еки айға шекем, етип көрсетилди.

Сондай-ақ, “200 мыӊ исбилермен – 500 мыӊ маман қәниге” Бағдарламасы шеӊберинде “Социаллық қорғаўдыӊ бирден-бир реестри”не киргизилген пуқараларды жумысқа қабыл еткен ҳәм олар жәми жумысшылар саныныӊ кеминде 20 процентин қураған юридикалық  тәреплерге мүлк салығы ҳәм жер салығынан жеӊиллик берилмекте. Онда салық жеӊиллигиниӊ муғдары, исбилерменлик субъектлери тәрепинен жаӊ жумыс орынларыныӊ санынан келип шығып төмендеги муғдарларда белгиленеди:

– 51 ден 100 ге шекем жаӊа жумыс орны жаратылғанда – белгиленген салық ставкасыныӊ 50 проценти;

– 101 ден 200 ге шекем жаӊа жумыс орны жаратылғанда – белгиленген салық ставкасыныӊ 75 проценти;

– 200 ден аслам жаӊа жумыс орны жаратылғанда – усы салықларды төлеўден азат етиледи.

Кәрхана жумысқа қабыл етилген “Социаллық қорғаўдыӊ бирден-бир реести”не киргизилген пуқараларға кеминде 1 жыл даўамында ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиӊ еӊ аз муғдарыныӊ бир есесинен кем болмаған мийнет ҳақысын төлеп, бәнтлигин тәмийинлеўи керек.

Сенаторлардыӊ атап өткениндей, бул нызам халық бәнтлигиниӊ өсиўине, кәмбағаллықты қысқартыўға ҳәм кем тәмийнленген шаӊарақлар ағзаларын жумысқа қабыл етиўде исбилерменлик субъектлерин хошаметлеў ушын қолай шараят жаратыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соӊ “Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине кредит миннетлемелерин орынлаў тәртибин жетилистириў ҳәм халықтыӊ микрофинанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеӊейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен Пуқаралық кодексине ҳәм “Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында”ғы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Пуқаралық кодексине киргизилип атырған қосымшаларға тийкарланып халық ҳәм исбилерменлерге ажыратылған микроқарыз яки кредит бойынша әмелге асырылған төлем суммасы, егер қарыз алыўшыныӊ миннетлемелерин орынлаў ушын жетерли болмаса, қарыз алыўшыныӊ қарызы белгиленген тәртипте өндириледи.

Бәринен бурын, тийкарғы қарыз бойынша мүддети өткен қарыздарлық ҳәм мүддети өткен процент төлемлери пропорционал түрде үзиледи. Соӊ усы дәўир ушын есапланған процентлер ҳәм усы дәўир ушын тийкарғы қарыз бойынша қарыздарлық сөндириледи. үшинши гезекте неустойка (жәрийма, пеня) лар ҳәм кеийнги гезекте кредитордыӊ қарыздарлықты үзиў менен байлыныслы болған басқа қәрежетлери өнидириледи.

Соныӊ менен бирге, Пуқаралық кодексине кредит бойынша қарыздарлықты ҳәм есапланған процентлерди өнидириў ҳаққында судтыӊ шешиўши қарары шығарылғанда усы кредит бойынша процентлер, сондай-ақ, неустойка есапланыўы тоқтатылыўына байланыслы өзгерис ҳәм қосымша киргизилмекте.

Бунан тысқары, “Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында”ғы нызамға да өзгерис киргизилип атырған болып, оған бола физикалық тәреп болған қарыз алыўшыға ажыратылған микроқарыз муғдары 50 миллион сумнан 100 миллион сумға арттырылмақта.

Сенаторлардыӊ атап өтиўине бола, нызам халық ҳәм исбилерменлерге микроқарыз яки кредит алып пайдаланыў процеслерин кеӊейтиўге, олар тәрепинен кредитлерди қайтарыў қәбилетиниӊ жақсыланыўына имканият жаратады. Сондай-ақ, халықты ҳәм исбилерменлердиӊ финанслық қаржылар ҳәм хызметлерге болған мүтәжликлерин қанаатландырыў менен бирге, олардыӊ исшеӊлик белсендилигин арттырыўға ҳәм усы бағдардағы машқалаларды шешиўге хызмет етеди.

Қызғын додалаўлардан соӊ сенаторлар бул нызамныӊ әҳмийетли ҳәм зәрүр екенин итибарға алып, оны мақуллады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен “Өзбекстан Республикасыныӊ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өртлер профилактикасы нәтийжелигин арттырыўға қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, өртлердиӊ алдын алыў тараўында системалы илажлар әмелге асырылып атырғанына қарамастан, халықтыӊ хожалық турмысында ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер жумысында өртлер менен байланыслы аўыр ақыбетли унамсыз ҳәдийслер болмақта. Атап айтқанда, 2023-жылы 10 204 өрт ҳәдийсеси жүз берип, онда 251 пуқара жәбирленген, соннан 79 ы қайтыс болған, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге болса 270,4 миллиард сумлық зыян жеткерилген.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте тоғайларда өрт қәўипсизлиги талапларын бузыў, егер өрт шығыўына алып келген болса, ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў  нәзерде тутылмақта. Онда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты әмелге асырған шахс Кодекстиӊ 38-статьясына муўапық ҳуқықбузарлық ақыбетинде келтирилген зыянды қаплаўдан азат етилмейди.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизилип, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузған ҳуқықбузарларға қолланылатуғын жаза санкцияларын арттырыў нәзерде тутылмақта.

Және бир әҳмийетли тәрепи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғанлығы себепли турақ жай фондында адамлардыӊ денсаўлығына зыян жетиўи ямаса өзгениӊ мүлки зақымланыўы яки оныӊ жоқ етилиўи менен байланыслы болмаған тәризде өрт болғанда бул шахс өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкерликтен азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар нызамныӊ мақулланыўы мәмлекетимизде өрт қәўипсизлиги менен байланыслы болыўы мүмкин болған ҳуқықбузарлықлардыӊ алды алыныўына, сондай-ақ, турақ жай фондына өз үйинде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларыныӊ бузылыўы ақыбетинде пайда болған өртлер бойынша ҳуқықбузар деп табылған пуқаралардыӊ адамгершилик принципи тийкарында социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаўлардан соӊ нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республиткасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине пуқаралардыӊ социаллық қорғалыўын және де күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде кекселерди ҳәм мийнетке жарамсыз шахсларды социаллық қорғаўды күшейтиўге қаратылған реформалар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, пенсия тайынлаў тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылмақта ҳәм санластырылмақта, артықша бюрократиялық тосықлар сапластырылып, пенсия тәмийнаты системасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасы түпкиликли жақсыланбақта.

Соныӊ менен бирге, пуқараларға пенсия тайынлаўда инсан факторын азайтыў, кекселерге, майыплығы болған ҳәм бағыўшысын жоғалтқан шахсларға мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиӊ сапасын және де арттырыў талап етилмекте.

Усы нызам менен “Ижара ҳаққында”ғы нызамға ижарашыныӊ майыплығы болып қалғанлығы ижара шәртнамасын тамамлаў ушын тийкар болыўын бийкар етиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Пуқаралардыӊ мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамда пенсионерге есапланған, бирақ оныӊ тәрепинен талап етип алынбаған пенсия суммасын төлеў мүддетин он еки айдан жигирма төрт айға шекем созыў нәзерде тутылмақта.

Нызамда пенсияныӊ еӊ аз муғдары еӊ кем тутыныў қәрежетлери дәрежесинен аз болмаўын белгилеў, пенсиялардыӊ муғдарларын жыл даўамында товарлар ҳәм хызметлердиӊ тутыныў баҳалары индекси дәрежесиниӊ өсиў пәтлерин есапқа алған ҳалда арттырып барыў тәртиби, сондай-ақ, қамақтағылардыӊ еркинен айырылған дәўирде әмелге асырған жумысы дәўирин пенсия алыў ҳуқықын беретуғын жумыс түри сыпатында есапқа алыўға байланыслы талап та белгиленбекте.

Буннан тысқары, “Пуқаралардыӊ топланып барылатуғын пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамға пуқара мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳуқықы жүзеге келгени ҳаққында Пенсия қоры тәрепинен Халық банкине мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде жиберилетуғын мағлыўматлар пуқараныӊ пенсия төлемлерин алыўы ушын тийкар болатуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлардыӊ атап өтиўинше, нызам Жаӊа Өзбекстанныӊ социаллық мәмлекет принципин әмелге асырыўға қаратылған болып, пенсионерлердиӊ қаржылай абаданлығын және де жоқарылатыўға , пуқаралардыӊ электрон мәмлекетлик хызметлердиӊ еркин түрде алыў имканиятларын кеӊейтиўге, пенсия муғдарын қайта есап-санақ етиўде инфляция дәрежесин есапқа алыў системасын енгизиўге, майыплығы болған шахслардыӊ ижара қатнасықларына байланыслы ҳуқықларын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соӊ сенаторлар “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында”ғы нызамды көрип шықты.

Ҳүжжет пенен Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил жумысыныӊ нызамлылық, еркинлик, әдиллик, адамгершилик, кемситиўге жол қоймаў, қалыслық, ашықлық ҳәм бала ҳуқықларыныӊ әҳмийетилилиги сыяқлы тийкарғы принциплери белгиленбекте.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымына сайланыў күни жигирма бес жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы 5 жыл мүддетке Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат тәрепинен сайлыныўы нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, нызамда Балалар омбудсманыныӊ тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери анық белгиленбекте.

Нызамда баланыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы мәселелерге тийисли нызамшылық ҳүжжетлери жойбарлары Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил менен келисилиўи мәжбүрий тәртип сыпатында киргизилмекте.

Буннан тысқары, Балалар омбудсманы баянаты Олий Мажлис палаталарыныӊ мәжилислеринде ҳәр жылы тыӊланыўы нәзерде тутылмақта. Балалар омбудсманы бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылық бузылғанын анықлағанда, оларға имканият бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлардыӊ ҳәм басқа шөлкемлердиӊ басшыларына усыныс хаты киргизиў мүмкин екени сәўлелендирилмекте.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилге өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша шөлкемлердиӊ басшылары ҳәм басқа лаўазымлы шахслар тәрепинен дәрриў қабыл етилиў ҳуқықынан пайдаланыў ўәкиллиги берилмекте.

Сондай-ақ, нызамда Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиӊ Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы регионаллық ўәкиллери тайынланыўы белгиленбекте.

Нызамныӊ және бир әҳмийетли тәрепи. Балалар омбудсманы бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириўге жәрдемлесиў, баланыӊ мәплерин тәмийинлеўге қаратылған нормаларды қабыл етиў бойынша жуўапкерлерге тийисли усыныслар киргизип барыўы да нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў орайларында ҳәм қәнигелестирилген оқыў-тәрбия шөлкемлеринде, тергеў қамақханаларында ҳәм тәрбия колонияларында турған балалар жазба түрдеги мүрәжатларын Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилге жибериўи мүмкин екени белгиленбекте.

Сенаторлар бул нызамныӊ қабыл етилиўи баланыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында Балалар омбудсманыныӊ мәмлекетлик шөлкемлер, ҳуқықты қорғаў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўи күшейтилиўине, баланыӊ жеке, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений ҳуқықларыныӊ тәмийинлениўине хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаўлар жуўмағында нызамды мақуллаў ҳаққында Сенаттыӊ тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаттыӊ жалпы мәжилисинде “Халықаралық мийнет шөлкеминиӊ Мийнет ҳақыны қорғаў ҳаққындағы 95-санлы Конвенциясын (Женева, 1949-жыл 1-июль) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Конвенция жумыс бериўшилер тәрепинен пул түринде мийнет ҳақы өз ўақтында төлениўин тәмийинлеўге қаратылған. Конвенция қағыйдалары мийнет ҳақы төленетуғын яки төлениўи керек болған барлық шахсларға қолланылады. Конвенция социаллық жумыстыӊ барлық тараўлары ҳәм жумысшылар категорияларына енгизиледи.

Додалаў даўамында Конвенцияда мийнет ҳақысын қарыз миннетлемелери, тилхат, купон яки басқа түрде, сондай-ақ, қурамында алкоголь муғдары жоқары болған спиртли ишимликлер, организм ушын зыянлы нәшебетлик элементлер көринисинде төлеў қадаған етилгени атап өтилди.

Сенаторлар Конвенция нормалары Өзбекстан нызамшылығына, сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясыныӊ мақсет ҳәм ўазыйпаларына толық сәйкес келетуғынын атап өтти.

Додалаў барысында Конвенцияныӊ ратификацияланыўы мийнеткешлер ҳуқықларын қорғаў бойынша қосымша кепилликлер жаратыўға имканият жарататуғын, мийнетти қорғаў миллий системасын және де жетилистириўге салмақлы түртки беретуғыны айтып өтилди.

Бул Конвенция дүньяныӊ 99 мәмлекети тәрепинен ратификацияланған.

Сенаторлар Конвенцияныӊ ратификацияланыўы мийнет тараўындағы миллий нызамшылықты жетилистириў ҳәм халықаралық мийнет стандартларын нәтийжели енгизиўди тәмийинлеўге хызмет ететуғынын, сондай-ақ, Өзбекстанныӊ хызметкерлер ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы халықаралық принцип ҳәм стандартларға садықлығын көрсететуғынын айрықша атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиўинши жалпы мәжилисиниӊ биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети