Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика бағдарындағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў тәжирийбесин социаллық ҳәм басқа инфраструктура тараўларында да кеӊнен енгизиў режелестирилгенин атап өтти.

Исбилерменлерге жер ажыратыўдыӊ заманагөй ашық-айдын принциплери – яғный, аукцион саўда системасы жолға қойылды. Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў шеӊберинде нызамшылықты бейимлестириўге қаратылған 60 тан аслам нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги дүзилип, 2030-жылға шекем мөлшерленген Миллий стратегия ислеп шығылмақта.

ӨзА