Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы даўам өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы экономикада терең трансформация процесслери, қолайлы инвестициялық ҳәм бизнес орталығы және санаатта жоқары қосымша қунды жаратыў избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша тийкарғы бағдарларға айрықша тоқтап өтти.

Биринши бағдар: «жасыл» энергетика. Энергетика тармағының нәтийжелилигин арттырыў бүгин регионымыз ушын әҳмийетли болып есапланады. Бул бағдарда мәмлекетимизде 28 жойбар үстинде жумыслар даўам еттирилмекте.

Өзбекстан 2030-жылға шекем 20 гигаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлылықларын жаратыў ҳәм энергетика балансында оның үлесин 40 процентке жеткериўди мақсет еткен.

Бүгин форум шеңберинде инвесторлар ушын қоңсы Қырғызстан ҳәм Тәжикстандағы гидроэлектр станцияларын биргеликте қурыў жойбарларының презентациясы өткериледи. Президент усы бағдарда барлық мәмлекетлердиң жетекши компанияларын ашықтан-ашық сәўбетлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўге шақырды.

ӨзА