Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы даўам өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы инвесторлардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў мақсетинде бир қатар анық усынысларды билдирди.

Бириншиден, жаңа редакциядағы «Инвестициялар ҳаққында»ғы нызам қабыл етилетуғыны атап өтилди. Бул ҳүжжет Жәҳән саўда шөлкеминиң тәртип-қағыйдалары ҳәм стандартларына муўапық ислеп шығылды.

Екиншиден, тез арада мәмлекетимизде Санлы технологиялар халықаралық орайы жанында Халықаралық коммерциялық суд жумыс баслайды. Бул суд Өзбекстан суд-ҳуқық системасында айрықша орынға ийе болады.

Үшиншиден, жақын ўақытта санаат зоналары системасында пүткиллей жаңаша көзқараслар енгизиледи. Санаат зоналарын басқарыўда жеке меншик операторлар, соның ишинде, жоқары маман сырт елли компанияларды жедел тартыў әмелияты кеңейтиледи. Арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс мүддетлери бойынша шеклеўлер де бийкар етиледи.

Сырт елли инвесторлар ушын жерлерди ижараға бериў мүддети 25 жылдан 49 жылға шекем, яғный, еки есеге созылады. Онда, нызамлар менен кепилленген әмелдеги жеңиллик ҳәм преференциялар толық сақлап қалынады.

ӨзА