Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы даўам етпекте. Мәмлекетимиз басшысы форумныӊ жалпы мәжилисинде шығып сөйледи.

Энергетика тараўында “ACWA Power”, “Masdar”, “Total Eren”, “Voltalia”, “Ҫalɩk” ва “Aksa”; химия санаатында “Air Products”, “Indorama” ҳәм “Камсе”, таў-кән ҳәм металлургияда – “Orano” ҳәм “DANIELI”, автомобиль қурылысы ҳәм электротехника бағдарларында “BYD”, “Kia” ҳәм “Samsung”, қурылыс тараўында “Коҫ” ҳәм “KNAUF” сыяқлы дүньяныӊ жетекши компаниялары ҳәм ири брендлери менен 300 ден аслам инвестиция ҳәм санаат жойбарлары иске түсирилгени ҳәм жүз мыӊлаған жаӊа жумыс орынлары жаратылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги форум шеӊберинде дүньяныӊ алдынғы компаниялары есапланған “Linde”, “Orascom”, “DataVolt”, “Bonafarm”, “PASHA holding” ҳәм басқа шериклердиӊ қатнасыўында жаӊа ири жойбарларға старт бериледи.

Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы бул иске өзиниӊ мүнәсип үлесин қосып атырған сырт елли инвесторларға, барлық бирге ислесиўшилерге тереӊ ҳәм шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

ӨзА