Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен 2023-2024-оқыў жылының жуўмағы бойынша есап концерт бағдарламасы болып өтти.
Оған филиалдың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Концерт бағдарламасын филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қаратылып атырған итибар, жаслардың талантын жүзеге шығарыўда әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтип, жасларға келешекте көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына үлес қосатуғын халқымыз сүйген көркем өнер шеберлери болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.
Мәденият ҳәм көркем өнер халқымыздың миллий қәдириятларын, салт-дәстүрлерин сәўлелендириў менен бирге өсип киятырған жас әўладты руўхый жақтан жетик, саламат ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда, сондай-ақ, оларда Ўатанға болған сүйиспеншиликти арттырыўда да оғада әҳмийетли орын тутады.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 1800 ге шамалас жаслар күндизги ҳәм сыртқы бөлимде билим алмақта. Оларға профессор-оқытыўшылар ҳәм тәжирийбели устазлар илим-билим, көркем өнердиң әлўан түрли сырларын үйретип келмекте.
Концерт бағдарламасында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен ана-Ўатан, дослық ҳәм муҳаббатты жырлаўшы, сондай-ақ, халық қосықларынан атқарылған намалар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Әсиресе, Б.Генжемуратов сөзи, У.Абдуллаева намасына жазылған “Көркем өнер мәденият Институтымсаң” қосығы хор жәмәәти менен қосыла атқарылды.
Усындай тәжирийбели устазлардан билим алған жаслар келешекте драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары, көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында, оның дүнья бойлап танылыўында үлес қосатуғын басқа да талант ийелери болып жетилиседи, деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги