Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди.
3 жастан 15 жасқа шекемги балаларға мөлшерленген “Президент саўғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаўы, мазалы затлар, китаплар топламы, канцелярия буйымлары, ақыллы саат, самокат, жумсақ ойыншықлар, дидактикалық ойынлар, велосипед ҳәм басқа саўғалар киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген.
Сондай-ақ, 12 жастан үлкен тәрбияланыўшылардың саўғалары қурамында электр жүргизгишли самокатлар да киргизилген.
Президент саўғалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 29-30-декабрь күнлери салтанатлы түрде тапсырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги