АҚШ Саўда ўәкили Кетрин Тай бүгин Байден-Харрис ҳәкимшилиги Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСТ) ағза болыўын қоллап-қуўатланып атырғаны ҳаққында баянат берди.
«АҚШ Өзбекстанның ЖСТға ағза болыў ҳәрекетлери шеңберинде Өзбекстан менен товар ҳәм хызметлер базарына кириў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланғанын жәриялаўдан қанаатланады. Өзбекстан 1994-жылы ЖСТға ағза болыў ушын арза тапсырған ҳәм 2020-жылы ЖСТға ағза болыў жолында жедел жумыс баслады. Өзбекстанның сөйлесиўлерди алға қойыў бойынша қатаң миннетлемелери соңғы еки жыл даўамында сезилерли жетискенликлерге еристи, соның ишинде, еки тәреплеме келисимимиз табыслы жуўмақланды», делинеди баянатта.
Өзбекстан АҚШ пенен Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлағаны ҳаққында Президенттиң ЖСТ мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Азизбек Урунов 3-ноябрьде жазған еди,деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги