Республикамызда быйылғы  қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, көп қабатлы ҳәм жеке турақ жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў, сондай-ақ, қыс мәўсиминде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.
Усындай профилактикалық илажлардың бири Шымбай районында да өткерилип, оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы, республикалық жумысшы топар ағзасы Б.Матмуратов қатнасып,  көп қабатлы турақ жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў, пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўының алдын алыў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирип өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги