Бүгинги күнде Қаракалпақстан Республикасында терини қайта ислеў менен шуғылланыўшы 15 тен аслам кәрхана бар.

Солардың бири Нөкис қаласындағы Туран мәкан пуқаралар жыйынында жумыс ислеп турған “AFK CHARM NUKUS” шаңарақлық кәрханасы есапланады. Бул кәрхананың директоры, Саўда-санаат палатасының белсенди ағзасы – Азатбай Бекимбетов 2018-жылдан баслап өз жумысын баслаған.

― Дәслеп, аяқ кийимлерди оңлаў устаханасын ашып, өз жумысларымызды басладық. Бүгинги күнде былғары(кожа)дан ер адамлардың аяқ кийимлерин тигиў менен де шуғылланып атырмыз. Сапалы былғары материалларын Ташкент қаласы ҳәм Әндижан ўәлаятларынан алып келип, өз қаржыларымыз есабынан алған 2 арнаўлы тигиў машиналары жәрдеминде сапалы етик, геўиш, мәси, кроссовка ҳәм басқа да ер адамлар ушын арнаўлы аяқ кийимлерди таярлап келмектемиз. Ҳәзирги ўақытта буйыртпаларымыз ҳәм қарыйдарларымыздың саны күн сайын артып бармақта,-дейди кәрхана басқарыўшысы Пирлепес Бекимбетов.

Исбилермен бүгинги күнде 4 пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеген. Алдағы ўақытлары жеке брендине тийкар салып, жаңа техникалар алып келиў арқалы бизнесин буннан былай да раўажландырыўды мақсет еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги