Өзбекстан Республикасы Әскерий прокуратурасында Бас прокурордың орынбасары – Әскерий прокурор Батыр Қудратхўжаевтың басшылығында гезектеги коллегия мәжилиси болып өтти.
Видеоконференцбайланыс түринде өткен сөйлесиўде мәкеме ҳәм барлық аймақлық әскерий прокуратуралардың хызметкерлери қатнасты.
Процессте әскерий прокуратура уйымлары тәрепинен быйылғы жылдың өткен дәўиринде жаңа редакциядағы Конституция, Нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер тийкарында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери көрип шығылды.
Қураллы Күшлерде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамлылықты беккемлеў, әскерий хызметкерлердиң хуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, энергетика қәўипсизлиги бағдарындағы ҳәм жумысқа байланыслы басқа да мәселелердиң жуўмағы көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында тийисли қарар қабыл етилип, келешектеги анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА