Орайлық банк баслығы Тимур Ишметовтиң жеке меншик ҳәм сырт ел капиталы қатнасыўындағы коммерциялық банклердиң басшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Президенти тәрепинен банк системасы алдына қойылып атырған тийкарғы ўазыйпалар ҳәм алдағы әмелге асрылыўы күтилип атырған жумыслар бойынша пикир алысты.
Ушырасыўда санлы банк хызметлерин раўажландырыў, микро ҳәм киши бизнес ушын жаңа банк өнимлерин енгизиў, халықаралық қаржы инстиутлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў, банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыў, кредитлеў системасын жетилистириў ҳәм басқа әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сондай-ақ, банк системасының нормативлик-ҳуқықый базасын және де жетилистириў бойынша әмелий усыныслар ҳәр тәреплеме үйренип барылатуғыны атап өтилди. Илажда қатнасқан банк басшылары кредит өнимлериниң түрин көбейтиў ҳәм кредит бериўдиң скоринг-таллаў системасын жақсылаў бойынша өз усынысларын билдирди.
Ушырасыў соңында Орайлық банк баслығы коммерциялық банклер менен турақлы ашық сөйлесиўлер өткериўге, тараўды және де жақсылаў бойынша пикир алысыў, усыныслары менен танысыўға ҳәмийше таяр екенлигин билдирди.
ӨзА