Сенатқа Миграция бойынша халықаралық шөлкемниӊ Өзбекстандағы миссиясыныӊ басшысы Эндрю Грей келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен сөйлесиў даўамында Өзбекстанныӊ Миграция бойынша халықаралық шөлкем менен алып барып атырған жедел бирге ислесиўи атап өтилди. Шөлкемниӊ қәўипсиз, тәртипли ҳәм турақлы миграцияны үгит-нәсиятлаў бойынша жумысы Өзбекстанныӊ миллий әҳмийетли бағдарларына толық сәйкес келетуғыны атап өтилди.
Кейинги жыллары Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Өзбекстанда миграция тараўындағы жумысларға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде айрықша итибар қаратылып атырғаны, бул бағдарда 2019-жылы Миграция бойынша халықаралық шөлкемниӊ толық ағзасы сыпатында бирге ислесиў байланыслары жолға қойылғаны атап өтилди.
Мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў ҳәм жаӊа механизмлерди әмелиятқа енгизиў мақсетинде 16 нормативлик ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген.
Жаӊа жумысқа жайласыў механизмлери енгизилгени, билимлендириў бағдарламалары, жеӊилликли кредитлеў ҳәм Ўатанға қайтқан мигрантларды қоллап-қуўатлаў системалары шөлкемлестирилгени айтып өтилди.
Өзбекстан мийнет миграциясы базарларын диверсификациялаў, дәстүрий бағдарларға байланыслықты азайтыў ҳәм мигрантлардыӊ социаллық қорғалыўын тәмийинлеўди күшейтиў бағдарында пикир алысылды.
Ушырасыў даўамында тәреплер миграция басқарыўын жетилистириў, қәўипсиз ҳәм тәртипке салынатуғын миграция процесслерин тәмийинлеў, мигрантлардыӊ ҳуқықларын қорғаўға қаратылған әмелий илажларды көриў бойынша және де жедел ижумыс алып барыўдан мәпдар екенин билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА